Нызам жойбары додаланды
1445
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесинде мәжилис болып өтти.
Сенаттыӊ Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитети, Жоқарғы Кеӊестиӊ Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитети менен биргеликте өткерилген мәжилиске Сенат ағзалары, Жоқарғы Кеӊес депутатлары, ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллери, судялар ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасты.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасының «Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында»ғы жаӊа редакциядағы Нызам жойбары додаланды.
Додаланып атырған Нызам жойбарыныӊ тийкарғы мақсети ҳәкимшилик актлерди қабыл етиў, өзгертиў, орынлаў ҳәм бийкар етиўге қаратылған ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды әмелге асырыў бойынша мүнәсибетлерди тәртипке салыўдан ибарат.
Сонлықтан жаӊа редакцияда ислеп шығылған нызам жойбары бойынша тийисли тараў ўәкиллериниӊ пикир усыныслары тыӊланды.

Атап өтилгениндей, усы нызам жойбары пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниӊ мәмлекетлик уйымлары менен ислесиўде анық тәртип-қағыйдаларды белгилеўге, олардыӊ ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин мәмлекет уйымлары хызмекерлериниӊ ҳуқыққа қарсы ҳәрекетлерден қорғаўға, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардыӊ бирден-бир ҳәм ашық-айдынлық механизми жаратылыўына, усы процеслерде коррупциялық жағдайлардыӊ жүзеге келиўиниӊ алдын алыўға алып келеди.
Еӊ тийкарғысы, Нызам жойбары бүгинги күнде Президентимиз тәрепинен алға қойылған «Мәмлекет – инсанлар ушын» деген халықшыл идеяны әмелге асырыўға тийкар болып хызмет етеди.