Миллий мәдений орайларға субсидия ажыратылып, грант жеңимпазларына сертификатлар тапсырылды
1230
Бүгин Жоқарғы Кеңес жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фондыныӊ мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Республикамыздағы 5 миллий мәдений орайларыныӊ жумысын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Жоқарғы Кеӊес Президиумыныӊ арнаўлы қарары тийкарында Жоқарғы Кеңес жанындағы жәмийетлик фондқа 240 миллион сўм, яғный, Рус миллий мәдений орайына 40 миллион, Украин миллий мәдений орайына 40 миллион, Қазақ миллий мәдений орайы ҳәм оның Қоңырат районлық бөлимине 80 миллион, Кореецлер ассоциациясына 40 милллион ҳәм Түркмен миллий мадений орайына 40 миллион сўм болған субсидия қаржылары ажыратылыўы атап өтилди.

Сондай-ақ, мәжилисте Жәмийетлик фонд тәрепинен мәмлекетлик грантлар бойынша қайта жәрияланған екинши ҳәм үшинши таңлаў жеңимпазлары болған Қарақалпақстан Республикасы аймағында физикалық жумыстан ҳәм кеселликтен болған майыплар бирлеспесиниӊ «Жер асты суўынан үнемли пайдаланыў» атамасындағы жойбары, «Өзбекстан Қызыл Ярым Ай Жәмийети» Қарақалпақстан Республикасы шөлкеми Қараөзек районлық бөлиминиӊ «Ҳәр бир нураный – жасларға устаз» атамасындағы жойбары, Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы Кегейли районлық бөлиминиӊ «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» атамасындағы жойбары, «Қарақалпақстан мәденияты» газетасыныӊ «Мәҳәлледен танылған талант» атамасындағы жойбары, Нөкис қаласы «Нәўпир» мәкан пуқаралар жыйыныныӊ «Биз коррупцияға қарсымыз!» атамасындағы жойбары жеңимпаз деп табылып оларға сертификатлар тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети