Халықты азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм ишки базарда баҳаның турақлылығын сақлаў – ең әҳмийетли мәселе. Бул бағдардағы үлкен резервлерден бири болса, бағ ҳәм жүзим атызларының қатар аралары болып есапланады.
Ферғана ўәлаятында 34 мың гектар, Қашқадәрьяда 22 мың гектардан аслам майданда бағ ҳәм жүзим атызлары бар. Бирақ ҳәр жылы тек ғана 20 процент қатар араларына егин егиледи.
Соннан келип шығып, усы ўәлаятлардың ҳәкимлерине бар бағ ҳәм жүзим атызларының қатар араларына толық егин егилиўин шөлкемлестириў, усы арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.
Пайдаланыўдан шыққан ҳәм суўғарылмайтуғын жерлерде қудық қазып, халыққа бөлип бериў зәрүрлиги атап өтилди. Буның ушын Ферғанаға 15 миллиард сум, Қашқадәрьяға 11 миллиард сум ажыратылған.
Кем тәмийинленген шаңарақларға қарамал, қус ҳәм пал ҳәррелериниң уясын тарқатып, кооперация тийкарында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, өним жетистириўди көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди.
Быйыл суў аз болғанлығы себепли Өзбекстан, Учкўприк, Ёзёвон, Қўштепа, Миришкор, Нишон, Мубәрек ҳәм Касби районларында тәкирарый егинлерди суўғарыўда қыйыншылықлар болыўы мүмкин. Сол себепли, усы аймақларда суў аз талап ететуғын, экспортқа жарамлы собықлы егинлер егиў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.
Ғәлледен босаған майданлардың 50-60 процентине фермер өз жумысшылары менен егин егиўин, қалған бөлегин карантин шараятында ўақтынша жумыссыз қалған ҳәм жәрдемге мүтәж халыққа бөлип бериўди шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленди.
Ферғана ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларының ҳәкимлери карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда кәрханаларды иске қосыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша есабат берди.
Сондай-ақ, «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети шеңберинде мүтәж шаңарақларға мәнзилли материаллық жәрдем бериў бағдарындағы жумыслар, исбилерменлер алға қойған басламалар туўралы атап өтилди.
ӨзА