ДӨРЕТИЎШИЛИК ИМТИХАН ПРОЦЕСИ ДЕПУТАТЛАР ҚАДАҒАЛАЎЫНДА
1316
Хабарыңыз бар, әйне күнлери 2022-2023 окыў жылы ушын айрықша талант талап етилетуғын бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыл етиўде кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар болып өтпекте.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Нызамлылық суд-ҳуқық ҳәм корруцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети баслығы З.Реймова, комитет ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық Кеңеси ағзалары ҳәм ғалаба хабар куралларының хызметкерлери Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында болды.
Дәслеп исши топар ағзалары 2022-2023 оқыў жылы ушын қабыллаў процесинде филиалда өткерилип атырған дөретиўшилик имтиханлардың барысы, сондай-ақ, медицина ханалары, дөретиўшилик имтиханларды онлайн режмде туўрыдан-туўры бақлап барыўда арнаўлы камералардың орнатылғанлығын ҳәм имтиханның барысын көзден кеширди.

Илажда дөретиўшилик имтиханлардың ашық-айдын ҳәм жәриялылық түрде болып өтиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, коррупция менен байланыслы болған жағдайлардың алдын алыў бойынша турақлы үгит-нәсият жумысларын алып барыў кереклиги атап өтилди. Буннан сон, депутатлар жоқары оқыў орынларында Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў мақсетинде жолға қойылған «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм Комплайенс-қадағалаў» бөлиминиң жумыс процеси менен танысып, бөлим жумысын еле де жетилистириў кереклиги бойынша өзлериниң пикир-усынысларын биллдирди.
Илаж соңында абитурентлер ҳәм олардың ата-аналары менен ушырасып, елимизде Президентимиз тәрепинен жаслар ушын жаратылған имканиятлар ҳәм усы мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў кереклиги ҳаққында сәўбетлести.