ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС КОМИТЕТ МӘЖИЛИСИНДЕ
1094
Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң мәжилиси болып өтти.
Мәжилиске Жоқарғы Кеӊес депутатлары, комитетке ағза депутатлар, ҳуқық қорғаў уйымы ўәкиллери, халық депутатлары қалалық, районлық Кеӊеслери депутатлары, секретариат баслықлары ҳәм тийисли тараў хызметкерлери қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова ашты ҳәм басқарып барды.
Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиздиң 2021-жыл 21-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасыныӊ жәмийетлик қәўипсизлиги концепциясын тастыйықлаў ҳәм оны әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы 27-санлы Пәрманында белгиленген ўазыйпалар тийкарында ишки ислер уйымларыныӊ профилактика ҳәм пробация инспекторлары, патруль-пост ҳәм жол-патруль хызмети хызметкерлериниӊ жумысын баҳалаў тәртибин сын көз-қараста қайта қарап шығыў ҳәм нәтийжелилик индикаторларын өз ишине алған рейтинг системасын енгизиў, “Өзбекстан Республикасыныӊ жәмийетлик қәўипсизлик Концепциясы”ныӊ 30-бәнтинде ишки ислер уйымлары қурамында районлараралық патруль-пост хызмети бөлимшелерин шөлкемлестириў белгиленген.
Сондай-ақ, пәрманға муўапық буннан былай профилактика инспекторларының ўазыйпасы ҳәм хызмет бағдарлары менен байланыслы болмаған илажларға ҳәм де жумысына тийкарсыз араласыў қадағанланбақта. Жоқарыдағылар менен бир қатарда, 2025-жылдыӊ 1-сентябринен баслап ишки ислер уйымлары профилактика аға инспекторы лаўазымына тек ғана жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болған хызметкерлер тайынланыўы белгиленбекте.
Усы Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Жоқарғы Кеӊес Президиумының тийисли қарары менен Қоӊырат районында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигине қараслы районлараралық патруль-пост хызмети бөлимшеси шөлкемлестирилди. Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниӊ Жәмийетлик қәўипсизликти сақлаў басқармасы ҳәм Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармаларына 120 штат бирликлери ажыратылды.

Мәжилис күн тәртибиндеги мәселе – яғный, ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң ҳәм Ишки ислер министрлигиниң Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасыныӊ есабатлары тыңланды.
Буннан соӊ мәжилисте Норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары ҳаққында Әдиллик министрлигиниң мәлимлемеси ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ 2022-жылдың биринши ярымында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында есабаты тыӊланды.
Күн тәртибиндеги маселелер бойынша депутатлар ҳәм турақлы комиссия ағзаларының сораўларына жуўаплар берилди, пикир ҳәм усыныслар тыңланды.
Мәжилис соңында комитет шешими қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети