«ЖАҢА БАЗАР» ЗАМАНҒА САЙ ЖАҢАЛАНБАҚТА
1612
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев усы жыл февраль айында Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берген еди.
Берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти мәсләҳәтшиси, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри Т.Худайбергенов басшылығында дүзилген исши топар тәрепинен аймақтағы ең аўыр мәҳәллелер үйренип шығылды ҳәмде ислениўи тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.
Мине, өткен қысқа ўақыт ишинде пайтахтымыздағы бир қатар ең аўыр мәҳәллелерде қурылыс, абаданластырыў, ишки жоллардың насазлығын сапластырыў, пиядалар жолы, түнги жақтыландырыў шырақларын жаңалаў, газ, водопровод ишимлик суўы, канализация тармақларын тартыў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы «Абат мәҳәлле»ге айландырыў жумыслары қызғын түрде алып барылмақта.
Усындай кең көлемли дөретиўшилик, қурылыс-абаданластырыў жумыслары бүгинги күнде «Жаңа базар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында да жеделлик пенен даўам етип атыр. Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов ҳәм барлық министрликлер менен шөлкемлер белсене қатнаспақта.
Ҳәзирги ўақытта аймақ көшелерине ишимлик суў қубырларын төсеў, электр бағаналарын орнатыў, жақтыландырыў, байланыс тармақларын тартыў, ишки көшелерди тегислеў ҳәм ЩПС төсеў, электр сымларын жаңалаў, газ трубаларын оңлаў ҳәм тағы басқа да жумыслар әмелге асырылмақта.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов ҳәм барлық тараў басшылары аймақтағы хожалықларға үйме-үй кирип, пуқаралар менен жеке сәўбетлесип, олардың мүрәжатларын тыңлап, машқалаларын үйренип, унамлы шешиў бойынша тийисли илажлар көрмекте.
Аймақ турғынлары бул жумыслардан қуўанышта ҳәм бүгинги күнинен кеўли толып, ертеңги күнге деген исеним пайда болмақта. Әлбетте, булардың барлығы инсан қәдири ушын, халқымыздың ийгилиги жолында исленип атырған жумыслардан болып табылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети