Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ отыз үшинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме
1508
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ отыз үшинши сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, министрлик, мәкеме басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Дәслеп депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Сессия күн тәртибинде дәслеп «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамыныӊ жойбары ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды.
Бул маселе бойынша Жоқарғы Кеӊестиӊ Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети ағзасы, Жоқарғы Кеңес депутаты Халила Ешимбетов баянат жасады.
Нызам жойбары менен ҳәрекеттеги 5 нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў усынылмақта.
Атап айтқанда, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатының статусы ҳаққында»ғы, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Регламенти ҳаққында»ғы, «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық, қалалық кеңеси депутатын шақырып алыў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киригзилмекте.
Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Сессияныӊ күн тәртибиндеги кейинги мәселе, яғный, Өзбекстан Республикасы Президентининг 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанныӊ раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы ПП-60-санлы Пәрманында белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ есабаты ҳаққындағы мәселе болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеӊесиниӊ Баслығы Қаҳраман Сариев сөзге шықты.

Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ атап өткениндей, биринши ярым жыллық жуўмағы менен жалпы аймақлық өним 103,5 пайызға, соннан, санаат 100,5 пайызға, аўыл хожалығы 103,3 пайызға, қурылыс 105,6 пайызға, хызмет көрсетиў 116,2 пайызға өсиўи тәмийинленген.
Аймақлық бағдарламаныӊ орынланыўын тәмийинлеў арқалы усы жылдыӊ жуўмағына шекем жоқары экономикалық өсимге ерисиў бойынша анық ис-илажлар белгилеп алынып, жалпы аймақлық өним 106,1 пайызға, соннан санаат 105,4 пайызға, аўыл хожалығы 103,1 пайызға, инвестициялар көлеми 102,4 пайызға, қурылыс 108 пайызға, хызмет көрсетиў 151,0 пайызға өсиўин тәмийинлеў илажлары көриледи.

Сондай-ақ, сессияда Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 2022-жылдыӊ биринши ярымында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығыныӊ, ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң есабатлары, 2022-жылдыӊ биринши ярымында орынлардағы норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятыныӊ жағдайлары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниӊ мәлимлемеси тыӊланды.

Бул мәселелер бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл еткеннен соӊ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз үшинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.