ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС КОМИТЕТ МӘЖИЛИСИНДЕ
1394
Бүгин Жоқарғы Кеңестиң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мəселелери комитетиниӊ мәжилиси болып өтти.
Мәжилисте «Жайлаўлар ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызам жойбары додаланды.
Мәжилисти Жоқарғы Кеӊес комитет баслығы Д.Утамбетов ашты ҳәм басқарып барды.
Додаланып атырған нызам жойбары аўыл хожалығында алып барылып атырған кең көлемли реформаларға бағдарланған болып, азық-аўқат өнимлери болған гөш ҳәм сүт өнимлерин жетистириўди көбейтиў, оларды экспортқа шығарыў ушын жаңа имканиятлар жаратылыўына хызмет етеди.
Сонлықтан жаӊа редакцияда ислеп шығылған нызам жойбары бойынша тийисли тараў ўәкиллериниӊ пикир усыныслары тыӊланды.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, нызам жойбары 5 бап, 31 статьядан ибарат болып, оныӊ тийкарғы мақсети жайлаўлардан ақылға муўапық пайдаланыўдың ҳуқықый механизмлерин жаратыў, тийисли мәмлекетлик басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жайлаўлардан ақылға муўапық пайдаланыўдағы ўәкилликлерин, миннетлемелерин белгилеў, жайлаўларды басқарыў, пайдаланыўдан шыққан жайлаўларды анықлаў ҳәм оларды қайта тиклеў, зүрәәтлилигин арттырыў ушын азықлық от-жем егинлерин егиў жумысларын шөлкемлестириў, азық-аўқат өнимлери резерви, халыққа гөш ҳәм сүт өнимлерин жеткизип бериўди көбейтиў, оларды экспортқа шығарыў ушын жаңа имканиятлар жаратыў, жайлаўларды қорғаў ҳәм олардың зүрәәтлилигин арттырыўға қаратылған илимий-изертлеў ҳәм инновциялық қолланбаларды өндириске енгизиў, шарўашылықта жайлаўлардан пайдаланыўдың нормалары белгиленип, шарўа азықлығы көлеминиң жоқ болып кетиўи, жайлаў жерлериниң пайдаланыўдан шығып кетиўиниӊ алдын алыў, жайлаўларды қорғаў, турақлы бақлап барыў, оларды тәкирар көбейтиў ҳәм тиклеўге ҳуқықый тийкарланған ўазыйпаны атқарыўдан ибарат.