Бюджет түсимлери ҳәм гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў мәселелерине арналған видеоселектор мәжилиси болып өтти
Бюджет түсимлери ҳәм гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў мәселелерине арналған видеоселектор мәжилиси болып өтти
1783
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бюджет түсимлери ҳәм гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қаҳраман Сариев ҳәм оның орынбасарлары, сектор басшылары ҳәмде тийисли министрлик, мәкеме баслықлары қатнасты.
Мәжилисте III шерек ушын белгиленген бюджет түсимлери прогноз көрсеткишиниң орынланыўын ҳәмде бюджетке қосымша түсимлерди әмелге асырылыўын тәмийинлеў сондай-ақ, гүз-қыс мәўсимине пуқта таярлық көриў илажлары ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Өткерилген мәжилисте бүгинги күнде бюджетке түсимлер режесин орынлаў бағдарында айырым районларда алып барылып атырған илажлар қанаатландырарсыз екенлиги айрықша атап өтилип, бюджет алдындағы салық қарыздарлықларын өндириў, буннан тысқары, жергиликли бюджетке туўрыдын-туўры бағдарланатуғын жеке пуқаралардың 2022-жыл ушын есапланған мал-мүлк ҳәм жер салықлары өндирилиўи бойынша тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, III шеректе бюджетке 14 жөнелисте қосымша түсимлерди тәмийинлеў бойынша ҳәр бир тараў басшыларына ўазыйпалар, яғный салық қарыздарлықларын өндириў имканы бар балған жөнелислерди белгилеп берилгенлиги атап өтилип, бул бағдарда да жумыслар талап дәрежесинде алып барылмай атырғанлығы сынға алынды.
Күн тәртибиндеги және бир әҳмийетли мәселелердиң бири бул – экономикалық тармақларды ҳәм социаллық объектлерди гүз-қыс мәўсиминде турақлы ислеўге таярлаўды тәмийинлеў болып, мәжилис даўамында бул бағдарда да жуўапкер ўәкиллерге тийисли тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети