Жылдың ақырына шекем алтын ҳәм гүмис ресурслары, мыс ҳәм 8 түрдеги рудалық емес байлықлардың резервлерин көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Буның ушын техникаларды жаңалаўды даўам еттириў керек. Мәселен, заманагөй үскенелерди қолланыў есабынан бураўлаў тереңлигин 800 метрден 1200 метрге жеткериў, жумыс нәтийжелилигин болса 1,7 есеге көбейтиў мүмкин.
Сол себепли быйыл геофизика, бураўлаў, таў-кән ҳәм лабораторияда қолланылатуғын 385 үскенени модернизациялаў бойынша тапсырма берилди. Жылдың ақырына шекем углеводородқа перспективалы 16 майданды анықлаў, 23 жаңа кән резервлерин тастыйықлаў ўазыйпасы қойылды.
Тараўдың инвестициялық тартымлылығын артырыў мәселеси додаланып, мәмлекетимиз басшысы буның ушын халықаралық стандартларды енгизиў кереклигин атап өтти. Сырт ел қәнигелерин тартып, геологларды J94C стандартлары бойынша мағлыўмат таярлаўға оқытыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Өзлестириў ушын таяр 20 кәнге тәжирийбели инвесторларды тартыў, басқа да перспективалы майданлар бойынша инвестициялық жойбарларды қәлиплестириў бойынша көрсетпелер берилди.
Геология тараўы аўыл хожалығы жерлерин суў менен тәмийинлеўде де әҳмийетли орын ийелейди. Атап айтқанда, қудықларды қазыў ушын ҳәр бир районға арнаўлы техникалардың жеткерилиўи белгиленген.
Мәжилисте 3 мың гектарға суў шығарыў ушын 70 қудық бураўлаў бойынша ўазыйпа қойылды. Сондай-ақ, усы жылы 200 жаңа қудықта суўдың жумсалыўын, 400 қудықта жер асты суўының қәддин онлайн мониторинг етилетуғын система енгизиў ҳәм жер асты суўларының интерактив картасын жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Геологияның раўажланыўында фундаменталлық илимий, инновациялық ҳәм әмелий изертлеўлердиң орны үлкен. Сол себепли жыл ақырына шекем 2,5 мың квадрат километр майданды космослық сүўретлер арқалы, 5 мың квадрат километр майданды аэрогеофизика усылы арқалы геологиялық үйрениў бойынша тапсырмалар берилди.
Быйыл 24-январьда Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында ҳәм 31-январь күни илим ўәкиллери менен ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы геология тараўында илимий потенциалды раўажландырыўға байланыслы бир қатар перспективалы ўазыйпаларды белгилеп берген еди.
Усы тийкарда Геология илимлери университетин шөлкемлестириў бойынша жумыс алып барылмақта. Оның оқыў бағдарламалары Санкт-Петербург кәншилик университети ҳәм басқа да сырт ел билимлендириў мәкемелериниң алдынғы тәжирийбеси жәрдеминде ислеп шығылмақта.
Мәжилисте бул жаңа университет жанында Геология музейин шөлкемлестириў ҳәм оның жумысын оқыў процесине байланыстырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Жуўапкерлер тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы тапсырмаларды орынлаўға қаратылған режелер бойынша мәлимлеме берди.
ӨзА