Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздың ең шетки аймақларының бири болған Әлий аўылында болып, аймақ турғынлары менен ушырасты
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздың ең шетки аймақларының бири болған Әлий аўылында болып, аймақ турғынлары менен ушырасты
4060
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздың ең шетки аймақларының бири болған Мойнақ районы Қызылжар аўыл пуқаралар жыйыны, Әлий аўылында болып, халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылған қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысты ҳәм аймақ турғынлары менен ушырасты.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қанша тараў ўәкиллери ҳәм нураныйлар менен биргеликте «Қызылжар» аўыл пуқаралар жыйынының жаңа имаратын ашып берди ҳәм мәҳәлле имаратында жаратылған имканиятлар менен танысты.
Айтып өтиў орынлы, АПЖ имаратында мәҳәлле баслығы, орынбасарлары, профилактика инспекторы ушын арнаўлы бөлмелер ажыратылған болып, барлық қолайлы шараятлар жаратып берилген.
Сондай-ақ, имаратқа тутас социаллық объектлер де жаңадан қурып питкерилген болып, мәҳәлле нураныйлары ушын жазғы ҳәм қысқы дем алыў орынлары, аймақ турғынлары ушын тигиў цехи, компьютер ханасы, руўхыйлық бөлмеси ҳәм басқа да қолайлықлар жаратылған.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев мәҳәлле имаратынан орын алған мәжилислер залында аймақ турғынлары менен ушырасты ҳәм жақыннан сәўбетлести.
Ушырасыўда аўыл пуқаралар жыйыны белсендилери, нураныйлар, сондай-ақ, аймақта алып барылған кең көлемли абаданластырыў жумысларында белсендилик көрсеткен тараў ўәкиллерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм бахалы саўғалар тапсырылды.
Айтып өтиў орынлы, Әлий аўылын ҳәр тәреплеме абаданластырыў бойынша көлемли жумыслар алып барылған болып, жаңадан комплекс АПЖ имараты қурып питкерилди, балалар ҳәм футбол майданшасы қурылды, аймақ инфраструктурасы жақсыланды, ишки жоллар, ишимлик суў ҳәм электр тәмийнаты машқалалары шешимин тапты, бағ егилип, суўғарыў-ирригация системалары оңланды.
Бир сөз бенен айтқанда аўылда қайта өмир басланып, нураныйлар жүзинде ҳәм балалар күлкисинде өз сәўлесин тапты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети