Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздағы халық билимлендириў тараўы ўәкиллери менен ушырасты
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздағы халық билимлендириў тараўы ўәкиллери менен ушырасты
4030
Бүгин Қарақалпақстан көркем өнер сарайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қарақалпақстан Республикасында билимлендириў тараўында алып барылып атырған жумыслар, нәтийжелер ҳәм машқалалар бойынша тараў ўәкиллери менен ушырасты.
Онда Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министри Б.Сайдов қатнасты.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде мәмлекетимизде билимлендириў тараўына қаратылып атырған айрықша итибар, жаратылып атырған имканиятлар, усының нәтийжесинде ерисилип атырған нәтийжелерге тоқтап өтип, соның менен бирге тараўда ушырасып атырған машқалалар ҳаққында да айтып өтти.
Болып өткен ушырасыўда мектеп оқыўшыларының билимин жетилистириў, оларды ҳәр тәреплеме жетик ҳәм кәмил инсан етип тәрбиялаўға қаратылған итибарды еледе арттырыў зәрүрлиги бойынша сөз етилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Өткерилген ушырасыў соңында тараўда жоқары көрсеткишке ерискен мектеп директорлары мүнәсип сыйлықланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети