Жоқарғы Кеңес Баслығы бюджет түсимлери прогноз көрсеткишиниң орынланыўы ҳәмде бюджетке қосымша түсимлерди тәмийинлеў мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди
1376
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бюджет түсимлери прогноз көрсеткишиниң орынланыўы ҳәмде бюджетке қосымша түсимлерди тәмийинлеў мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Быйылғы жыл ушын бюджет дәраматаларына түсимлерди әмелге асырыў бойынша белгиленген реже тийкарында ўазыйпалар белгилеп алынғанлығына қарамай бул бағдарда бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылмақта. Өткерилген мәжилисте усы бағдардағы жумыслар сын көз-қараста көрип шығылды.
Соның ишинде, Салық басқармасы тәрепинен өндирилиўи тийис болған ҚҚС төлеўшилерден өндирилмеген салық қарыздарлығы артқан. Қала ҳәм районларда I шерек ушын белгиленген прогноздың орынланыўы республика көрсеткишинен төмен дәрежеде болмақта. Атап айтқанда, бул көрсеткиш бойынша Мойнақ, Қоңырат, Беруний, Елликқала, Қараөзек районлары ҳәм Нөкис қаласы артта қалыўшылыққа жол қоймақта.
Усылар менен бир қатарда, юридикалық шахслардың салық қарыздарлығы жыл басына салыстырғанда артқан. Буннан тысқары, жергиликли бюджетке туўрыдан-туўры түсетуғын физикалық шахслардың жер ҳәм мал-мүлк салықларынан қарыздарлығы да талап дәрежесинде өндирилмеген.
Буннан тысқары, Мәжбүрий орынлаў бюросына орынлаў ушын жиберилген салық қарыздарлығын өндириў бойынша жумыслар да нәтийжели жолға қойылмаған.
Мәжилисте усы сыяқлы бир қатар мәселелер сөз етилип, жуўапкерлер сынға алынды.
Буннан тысқары, көпшилик орынларда нызамсыз исбилерменлик ҳәрекетин жолға қойған пуқаралар да ушырасып атырғанлығы, бундай фактлер көпшилик жағдайларда шаңарақлық исбилерменлик ушын жеңиллетилген кредитлерди алған физикалық шахлар тәрепинен әмелге асырылып атырғанлығы атап өтилди.
Соның менен бирге, бүгинги күнде салық өндирилиўи менен байланыслы анықланған жағдайлар бойынша ескертиў хатларының берилгени ҳаққында есап-китаплары жүргизилмеўи себепли олардың орынланыўы Салық басқармасы тәрепинен талап дәрежесинде қадағалаўға алынбай атырғанлығы тилге алынды.
Усылар менен бир қатарда, белгиленген ўазыйпалар тийкарында кәрханаларда жасырын жумыс орынларын анықлаў, оларды сапласытырыў ўазыйпасы Салық инспекцияларына жүклетилген болса да, жумыс орынларын легалластырыў бойынша I шерекке белгиленген реже көрсеткишлери төмен дәржеде қалмақта.
Өткерилген мәжилисте бюджетке қосымша түсимлерди әмелге асырыў бағдарында аўыл хожалығы, қурылыс, транспорт, жол ҳәрекети сыяқлы бир қатар бағдарларда салық қарыздарлығын өндириў бойынша жумыслардың қанаатландырарсыз екенлиги атап өтилди.
Мәжилис жуўмағында жуўапкерлер тәрепинен өз ўазыйпаларын талап дәрежесинде орынлаў мәселелерин қайта көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилип, атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша анық ўазыйпалар ҳәм мүддет белгилеп берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети