Көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслар менен пикирлесилди
563
Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев «Жаслар айлығы» шеңберинде Хожели районының белсенди жаслары ҳәм көше сәрдарлары менен ушырасты.
Өткерилген ушырасыўда елимизде жасларға деген итибар, олардың қәбилетин ҳәм уқыплылығын жүзеге шығарыў ушын жаратып берилген шараятлар, кең мүмкиншиликлер ҳәм бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў бағдарында сөз етилди.
Жасларға деген итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген бир ўақытта теңлеслери арасында үлги боларлық нәтийжелерге ерискен, барлық тараўларда өзиниң күш-жигерлилиги, айрықша минез-қулқы, умтылыўшаңлығы, ең баслысы жаңа баслама ҳәм идеяларға бай екенлиги менен ажыралып туратуғын жаслар көпшиликти қурайды.
Ушырасыўда жасларға болған усындай итибардың жоқарылығы, бунда Хожели районы жаслары арасынан да бир қатар алдынғы жигит-қызлар жетилисип шығып атырғанлығы атап өтилди.
Хожели районында бүгинги күнде бир қатар миллет ўәкиллери дос, татыў ҳәм аўызбиршиликте жасап келмекте. Көп миллетли район халқы арасынан елимизге белгили, бәршемиз мақтаныш тутатуғындай жаслар камалға келип, жетилисип шыққан.
Ушырасыўда сондай-ақ, бүгингидей глобалласыў дәўиринде ең бийбаҳа байлық болған тынышлықты сақлаў, кеңпейил халқымызға тән аўызбиршиликти еле де беккемлеў, жасларға жаратып берилип атырған оғада кең көлемли имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, елимиз раўажланыўы жолында биргеликте ат салысыў керек екенлиги бойынша сөз етилди.

Буннан тысқары, теңлеслери арасында үлги болып атырған бир қатар жаслар "Үмит ушқыны" көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети