Жоқарғы Кеңес Баслығы Тақыятаслы жаслар менен ушырасты
662
Әзелден «Дослық қаласы» деген ат пенен белгили болған Тақыятас районында көплеген миллет ўәкиллери дослық, татыўлықта, аўызбиршиликли түрде жасап келмекте. Районға бул ат бийкарға берилмеген. Себеби, бул жерде түрли миллет ўәкиллери бир үйдиң перзентлериндей болып, бир жеңнен қол, бир жағадан бас шығарып жасап келмекте. Миллетлер аралық татыўлықты сақлаўда Тақыятас районы халқы көпшиликке үлги бола алады.
Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев тақыятаслы көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслар менен ушырасты.
Ушырасыўда жасларға жаратылып берилип атырған кең мүмкиншиликлер ҳәм жаратылып берилип атырған шараятлар ҳаққында сөз етилди. Соның менен бирге усындай кең имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, теңлеслери арасында көпшиликке үлги болып киятырған жаслар көпшиликти қурап атырғанлығы айтып өтилди.
Жақыннан мүнәсибет түринде өткерилген ушырасыўда усындай имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, жетискенликлерге ерисиўде аўызбиршилик, тынышлықты сақлаўдың тутқан орнының да айрықша екенлиги атап өтилди. Соның менен бирге, миллетлер аралық татыўлықты сақлаў, аўызбиршиликтиң жоқары үлгисин көрсетиўде Тақыятас жаслары белсендилер қатарында болатуғынлығы айрықша тилге алынды.

Ушырасыў даўамында елимиздеги жасларға итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине алып шығылғанлығы, олардың өз қәбилетин жүзеге шығарыў ушын бар мүмкиншилик жаратып берилгенлиги, ҳәр қандай машқалаларын шешиў илажлары көрилип атырғанлығы кең түрде атап өтилди.
Өзиниң белсендилиги менен теңлеслери арасында үлги болып атырған тақыятаслы бир қатар жасларға ушырасыў соңында «Үмит ушқыны» көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети