Елимизде ҳәр қыйлы миллет ҳәм дин ўәкиллериниң өз потенциалын толық әмелге асырыўы, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў ушын конституциялық кепилликлер тәмийинленген. Өзбекстан мусылманлары басқармасы, оның аймақлардағы ўәкилликлери, 3  жоқары ҳәм 10 орта арнаўлы билимлендириў мәкемеси ҳәм 16 конфессияға тийисли 2,3 мыңнан артық диний шөлкем жумыс алып бармақта. Муҳаммад Абдусалам Өзбекстан Президентиниң БМШ Бас Ассамблеясының «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» арнаўлы резолюциясын қабыл етиў басламасы халықаралық майданда да тән алынып атырғаны, ҳүжжет усы бағдардағы ҳәрекетлерди бирлестириўге түртки болғанына айрықша тоқтап өтти. Өзбекстанның пүткил дүнья мусылманлары ушын жүдә үлкен әҳмийетке ийе екени, усы елден жетисип шыққан уламалар тек ғана мусылман әлемине емес, ал пүткил дүнья ушын да илимий мийрас қалдырғаны атап өтилди. Ушырасыў соңында өз-ара байланысларды және де кеңейтиў, делегациялар сапарларын әмелге асырыў, биргеликте ҳәр қыйлы илимий ҳәм әмелий илажларды шөлкемлестириўге келисип алынды.  

ӨзА