Немис баспасы Өзбекстан Президентиниң басламаларына итибар қаратты
1211
Германияның «Fair–News» интернет баспасында Өзбекстанның мәмлекетимиз басшылығындағы реформалары ҳәм сыртқы сиясатқа бағышланған мақала жәрияланды. Атап өтилгениндей, Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен Орайлық Азияда тынышлық ҳәм абаданлық ушын бирге ислесиў мәмлекетимиз сыртқы сиясатының тийкарғы мақсети етип белгиленген. Заманагөй қәўип-қәтерлерди есапқа алған ҳалда, регион мәмлекетлерин улыўма мәплер тийкарында бирлестириў арқалы халықаралық бирге ислесиўге тартыў қәўипсизлик, абаданлық гиреўи сыпатында көринбекте. Автор мәмлекетимизде жүз берип атырған унамлы өзгерислер, соның ишинде, экономикалық өсиў, кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында әмелге асырылған нәтийжели жумысларға итибар берген. «Жаңа Өзбекстанды ҳуқықый, дүньялық, демократиялық ҳәм социаллық мәмлекет сыпатында қурыў әҳмийетли бағдар болып есапланады»,-деп жазады «Fair-News». Өзбекстанда мәжбүрий ҳәм балалар мийнетин сапластырыў бойынша исенимли қәдемлер қойылғаны айрықша атап өтиледи: – Мәжбүрий мийнетти қадаған етиў, усы иллет пенен байланыслы ҳуқықбузыўшылық ушын ҳәкимшилик, жынайый жуўапкершиликти күшейтиў, дүнья жәмийетшилигин усы процесске тартыў жолындағы ҳәрекетлер мәмлекетти глобал көлемде айрықша ажыратып көрсетеди. Президенттиң региондағы климат өзгериўи ақыбетине, соның ишинде суў тәмийнаты ҳәм аўыл хожалығындағы машқалаларға қарсы гүресиў бағдарындағы басламалары, әсиресе, итибарға ылайық. БМШ суў ресурслары бойынша арнаўлы ўәкилиниң жумысы, Орайлық Азия климат пикирлесиўи басламасының қоллап-қуўатланыўы да Өзбекстан глобал экологиялық машқалаларды шешиўде белсене қатнасыўға таяр екенилигин билдиреди.
ӨзА