Балаларға Президент саўғалары тапсырылды
1704
Бүгин, 28-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Президент саўғалары тапсырылды.
Илажға 1-2-санлы шаңарақлық балалар үйи тәрбияланыўшылары ҳәмде ата-анасының қарамағынан айырылған балалар мирәт етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы балаларды ҳәм олардың қәўендерлерин жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм Президентимиздиң саўғаларын тапсырды.
Байрам шырайлы етип безелген шырша әтирапында Аяз ата менен Қарқыз, түрли ертек қаҳарманлары қатнасыўындағы театрластырылған тамашалар менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети