Макроэкономикалық турақлылық ҳәм экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў бойынша баслы ўазыйпалар талқыланды
1180
Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында 16-январь күни 2024-жылда макроэкономикалық турақлылық ҳәм экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў бойынша баслы ўазыйпалар талқыланыўына арналған видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Өткен жылы экономикалық өсиў 6 пайызды қурады. Соннан, санаат 6, хизмет көрсетиў 6,8, қурылыс 6,4, аўыл хожалығы 4,1 пайызға өскен.
Усы жыл жалпы ишки өнимди кеминде 6 процентке көбейтип, 100 млрд. долларға жеткериў режелестирилген. Мәжилисте бул бағдардағы ўазыйпалар, зәрүр ис-илажлар талқыланды.
Мәмлекетимиз басшысы буның ушын, ең дәслеп, ең үлкен реформатор болған экономикалық комплекс хызметкерлери қатты ислеўи кереклигин атап өтти.
Мәселен, улыўма санаат көлеми өскени менен, ислеп шығарыўда қосылған қун 40 проценттен аспай атырғаны көрсетип өтилди. Булар тийкарынан импортқа қарамлылық, энергия тутыныўы жоқарылығы ҳәм артықша қәрежетлер көплиги себепли болмақта.
Сонлықтан, экономикалық комплекс басшылары ҳәм барлық мәмлекетлик кәрханалары ушын «2024-жыл – өзине түсер баҳаны қысқартыў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў жылы» болыўы кереклиги атап өтилди. Сатып алыўлар ҳәм логистиканы оптималластырыў, энергия ресурсларын тежеў ҳәм санластырыў арқалы қанша қәрежетти кемейтиў мүмкинлиги тармақлар кесиминде көрсетип өтилди.
2024-жылда қосылған қунды 45 проценттен асырыў, өзине түсер баҳасын 15 процентке кемейтиў, улыўма, санаатта 7 процент өсиўди тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Соның менен бирге, экономикалық комплекс басшыларына айлық, шереклик ҳәм жыллық нәтийжелилик көрсеткишлери (КРI) менен байланыстырыў, орынбасарлары санын көрип шығыў усынысы илгери сүрилди.
Мәжилисте қаржылық интизам мәселесине өз алдына тоқталып өтилди.
Өткен жылы көплеген мәмлекетлик кәрханалар дивиденд ҳәм салық төлемлери бойынша бюджетке 8 триллион сум түсимди тәмийинлей алмаған. Сырдәрья ҳәм Жиззахда салық түсимлери 20 пайызға өскен болса, Хорезм, Бухара ҳәм Қашқадәрьяда бул көрсеткиш 7 пайызға да жетпеген.
Бундай жағдайлар бойынша мәҳәлледеги салықшы, район салық баслықлары ҳәм орынбасарларының жумысы төмен екенлиги көрсетип өтилди. Сонлықтан, бул система қайта көрип шығылып, жаңа жөнелислер белгиленди.
Биринши жөнелис - 40 мың бюджет мәкемеси менен ислеў ўазыйпасы районнан Салық комитетинде жаңадан шөлкемлестирилген Бюджет мәкемелери инспекциясына өткериледи. Усы Инспекция толық санластырылған болады ҳәм Қазнашылық электрон системасына интеграция етиледи.
Екинши жөнелис - Комитет жанында Салық қарызын өндириў бойынша ҳәм районлараралық инспекция шөлкемлестириледи. Оған Мәжбүрий орынлаў бюросында бар ўәкилликлер бериледи. Буның есабына, районлардағы қосымша 200 салықшыны «мәҳәллебай» ислеў системасына өткериў имканияты болады.
Үшинши жөнелис - Республика салық түсиминиң 50 процентин беретуғын 80 ең ири кәрхана ҳәм 35 коммерциялық банк пенен ислесетуғын өз алдына система болады. Буның ушын Ири салық төлеўшилер бойынша инспекция қурамында жаңа структура шөлкемлестирилип, Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен туўрыдан-туўры ислейди.
Экономика ҳәм қаржы министрлигине салықлар түсимин өз ўақтында тәмийинлеў, кәрханалар қәрежети тийкарсыз өсиўиниң алдын алыў бойынша ўазыйпалар қойылды.
Бажыханада тараўына тоқталынар екен, өткен жылы импорт болған товарларға дерлик 60 триллион сумлық жеңиллик қолланылғаны, бирақ, бул жеңилликлердиң қаншасы мақсетли ҳәм нәтийжели қолланылғаны бойынша бажыханада анализ жоқ екенлиги көрсетип өтилди. Сол себепли Бажыхана комитетине жеңиллик пенен кирген товарларды үйренип шығыў тапсырылды.
Бюджет түсими ушын және үлкен қорлар бул – меншиклестириў ҳәм жерлерди аукцион арқалы сатыў. Бирақ, меншиклестириў бағдарламасына киргизилген 484 мәмлекетлик активлери саўдаға шығарылмай атыр.
Мәселен, саўдаға шығарылған дән кәрханалары сатылмай турыпты. Себеби, баҳасын белгилеўде кемшиликлер бар.
Министрлер Кабинетине қалақлықларды сапластырып, 2024-жылда 20 трлн. сум түсим тәмийинлейтуғын жаңа меншиклестириў бағдарламасын киргизиў тапсырылды.
Өткен жылы жерлерди аукцион арқалы сатыўдан 1 трлн. сум түсим болды, 12 мың жаңа жойбарлар қосылды. Бундай имканиятларды кеңейтиў мақсетинде жыл жуўмағына шекем 70, келеси жылы барлық районлардың мастер режелерин ислеп шығыў ўазыйпасы берилди.
Бүгинги күндеги ең баслы мәселе, бул – жасырын экономика. Анализлер хизметлер, қурылыс, санаат тараўларында онлаған трлн. сумлық өним «сая»да қалып атырғанлығын көрсетпекте.
Мәмлекетимиз басшысы жасырын экономика әдалатлы бәсекиге, туўры ислеп атырған исбилерменлер жумысына үлкен тосық болып атырғанлығын айтып, қосымша илажларды көриўди тапсырды.
Ҳәзирги ўақытта жасырын экономика ҳәм экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў менен 14 уйым бирикпестен өз алдына шуғылланбақта. Бул жумысларды муўапықластырыў ҳәм күшейтиў мақсетинде Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ўәкиллиги кеңейтиледи.
Бул департамент ең заманагөй қураллар жетик қәнигелер менен тәмийинленип, оның жанында Илимий-анализ ҳәм оқыў орайы ашылады. Соның менен бирге, Бас прокуратурада да жасырын экономика бойынша өз алдына басқарма ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестириледи.
Мәжилисте бюджет қәрежетлериниң нәтийжелилиги мәселеси де көрип шығылды.
Өткен жылы бюджеттен 1,2 триллион сумлық нызамсыз қәрежет ҳәмде 200 миллиард сумлық кемшиликлер ҳәм урлықларға жол қойылғаны анықланды. Денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы тараўларындағы бағдарламаларға ажыратылған қаржылар толық ислетилмеген. Сондай-ақ, негизинде ислемейтуғын хызметкер яки орынланбаған жумыс ушын ҳақ жазыў, тийкарсыз ссуда яки хошамет пуллары алыў сыяқлы жағдайлар көбейген.
Бул бағдарда Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик қаржылық қадағалаўы инспекциясы жумысы пүткиллей қанаатландырарсыз екенлиги көрсетип өтилди. Сонлықтан, Мәмлекетлик қаржылық инспекциясы да Бас прокуратура Департаментине өткерилиўи белгиленди.
Усы жыл бюджетке нәзерде тутылған 313 трлн. сумлық қәрежетти туўры жумсалыўын қадағалаў ўазыйпасы қойылды.
Инфляцияны кемейтиў мәселеси де актуал. Көрилген илажлар нәтийжесинде өткен жылда инфляция 9 проценттен аспады.
Өнимлер инфляциясын азық-аўқатты көбейтиў арқалы жылаўлаў мүмкинлиги атап өтилип, бул бойынша аўыл хожалығы министри ҳәм ҳәкимлерге тапсырмалар берилди.
Улыўма, быйылғы жылда инфляцияны 9 проценттен түсириў илажлары талқыланды.
Банк системасы турақлылығын тәмийинлеў, экономикаға кредитлер бағдарлаў мәселесине де тоқталып өтилди. Базар механизмлери тийкарында кредит ставкаларын кеминде 2-3 процентке түсириў бойынша бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте пуқаралар бәнтлигин тәмийинлеў мәселесине өз алдына итибар қаратылды. Бул бойынша жақында қабыл етилген бағдарламаны нәтийжели әмелге асырыў әҳмийетлилиги атап өтилди.
Бәнтлик системасына кириўши кәсипке таярлаў мәкемелери жумысы да талап дәрежесинде емеслиги атап өтилди. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине усы сыяқлы кемшиликлерди сапластырып, пуқараларды кәсипке оқытыў ҳәм жумыс орынларын жаратыў бойынша қосымша тапсырмалар берилди.
Мәжилис жуўмағында экономикалық комплекс басшылары, министрлер ҳәм ҳәкимлердың быйылғы жылғы режелери бойынша мәлимлеме берди.