Өзбек миллий мақом өнери орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлимине автобус тапсырылды
2375
Мақом миллий өнери халқымыздың тарийхы, бай дәстүрлерин өзинде жәмлеген бийбаҳа мәдений байлығымыз есапланады. Соңғы жылларда барлық тараўлар қатарында мәденият ҳәм көркем-өнерге, соның ишинде мақом миллий өнерин раўажландырыўға итибар қаратылып атыр.
Бүгин Өзбек миллий мақом өнери орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен автобус тапсырылды. Өз нәўбетинде, ансамбль жәмәәти миннетдаршылығын билдирип, Мақом өнери ықласбентлери ушын республикамыздың барлық орынларында концерт бағдарламалары жоқары дәрежеде шөлкемлестирилетуғынлығы ҳәм халқымыз нәзерине усынылатуғынлығын атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети