Коммуналлық ҳәм мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында хызмет көрсетиў бағдарындағы мәселелер қарап шығылды
1749
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында халқымызға хызмет көрсетиў, көп қабатлы турақ-жайларды басқарыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша мәжилис өткерди. Онда тараў жуўапкерлери, коммуналлық хызмет көрсетиўши, социаллық объектлерге бириктирилген мәмлекетлик жеке шериклик кәрханалары, қала ҳәм районлардың тазалығына жуўапкер мәкемелер қатнасты.
Өткерилген мәжилисте дәслеп бүгинги күнде республикамыз аймағында коммуналлық хызмет көрсетиў, орынлардың тазалығын сақлаў, пуқараларға турмыслық шығындылар менен байланыслы хызмет көрсетиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдарда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер ҳаққында атап өтилди. Сондай-ақ, бүгинги күнде хызмет көрсетиўши кәрханалар тәрепинен пуқаралардың қарыздарлықларын өндириў бойынша жумыслар қанаатландырарлы дәрежеде алып барылмай атырғанлығы ҳәм басқа да усы сыяқлы бир қатар мәселелер сөз етилди. Буннан тысқары, социаллық объектлерди гүз-қыс мәўсиминде сапалы жылытыў менен байланыслы бириктирилген мәмлекетлик, жеке шериклик кәрханаларының жумыслары, жол қойылған қәте-кемшиликлер ҳәм алдағы ўақытта әмелге асырылыўы тийис ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер қарап шығылды. Мәжилис даўамында бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынып, тийисли тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети