ШЫЛПЫҚ
9886
Б.Э. I–IV әә., Б.Э. IX–XI әә.
Шеңбер формасында салынған Шылпық естелиги Нөкис-Беруний автожолының бойында, Нөкистен 43 км қублада, Әмиўдәрьяның оң жағасында, бийиклиги 35-40 м болған тәбийий төбешик үстинде салынған. Шылпықтың диаметри 65–79 м. Дийўаларының бийиклиги 15 м шамасында. Б.Э. II–IV әсирлеринде зароастризм дини бойынша дахма сыпатында салынған ҳәм пайдаланылған. IX–XI әсирлерде жергиликли халық оны белги бериўши минар сыпатында пайдаланған.