АЯЗ ҚАЛА
8568
Аяз қала (б.е.ш.IV–III әә.) Қарақалпақстаннын ең көркем естеликлериниң бири есапланады. Негизинде бул жерде бир емес, ал Султан Ўәйис таўының түслик тәрепиндеги 100 м бийикликтеги төбениң әтирапында бирлесип турған үш қорған бар.
Бул төбеде жайласқан Аяз қала-1, яки «Самалдағы қорған» Қызыл қум шөлиниң шегарасындағы бекинисли фортлардың бири болып, ол көшпелилердиң шабыўылынан қорғаўды тәмийнлеген. Естелик туўрымүйешлик формасында болып, оның 10 м бийикликтеги еки қатарли дийўаллары қам гербиштен өрилген. Ҳәзирги күни де оның дийўалларында қараўыл төбелер, сары жайдан оқ атыўшылардың ҳәрекет етиўине жеңиллик туўдырыўшы еки яруслы галереялар, бир-биринен теңдей қашықлықта жайласқан оқ атыў ушын арнаўлы орынларды анық көриўге болады. Түслик тәрептеги дийўалда орналасқан қорғанның кирер аўзы дәрўаза алдындағы туўрымүйешли қурылма менен қорғалған, ол да өз гезегинде туўрымүйешли еки қараўыл төбе арқалы нығайтылған.
Дәрўаза алды қурылмасына кирер аўыздың арқа жағында арамей шрифти менен ески Хорезм тилинде бир қатарда 3 таңба ҳәм олардың үстинде 1 таңба түриндеги жазыў бар болып, бул – устаның, яғный қурылыстың баслығының тамғасы есапланады.
Әййемги әпсанаға қарағанда, Хорезм патшаларының бири мәмлекет шегараларына жаўдың сырттан топылыс жасаўынан қорғаныў ушын үлкен қорған салыўды қарар етипти. Ҳәм: «Кимде-ким душпанның бастырып кириўи мүшкил болған үлкен қорған салса, соған өз қызымды беремен», деп жар салдырыпты. Усы жақларда Аяз деген шопан жасайтуғын екен, ол усындай қорғанды салмақшы болыпты. Бул жумысты орынлаўға Аяздың қанша ўақыт сарыплағаны белгисиз. Бирақ патша ўәдесинен тайып, қызын басқа биреўге берип жиберипти, ал қорған болса питкерилмей қалып қойыпты. Шынында да, әпсана ҳақыйқатлыққа әдеўир жақын келеди.
Аяз қала-2 Афригидлер дәўиринде, яғный VII әсирдиң ақыры – VIII әсирдиң басларында салынған болыўы итимал. Қаланың жойбары қурамалы конфигурацияға ийе. Төменге қарай алып баратуғын рампа бир ўақытлары қорғанның дәрўазасынан төбеликтиң түбиндеги әжайып үлкен сарайға кириўге мүмкиншилик берген. Бул сарай Орта әсирлердеги пүткил Орайлық Азияда ең сулыў имарат ретинде тәрийпленген. Онда өрелери бар үлкен заллар, нәзик ғана отырғыш, салтанатлы мәресимлер өткериў майданшасы, дийўалдағы живопислер ҳәм де от ибадатханасы болған. Бул жерден Афригидлер династиясына тийисли Хорезм патшаларының теңгелери, соның ишинде Бравик патшаның теңгелери таўылған. Сарай шама менен б.е. IV әсиринде салынған болып, соңын-ала избе-из жүз берген еки өрт ақыбетинде қыйраған.
Аяз қала-3 (б.е. IV–III әә.) параллелограмм формасындағы бекинисли ири қурылыс болып, ҳәр бир тәрепинде көп сандағы қараўыл төбелери бар еки қатар дийўал менен қоршалған. Қараўыл төбелер туўрымүйешлик формасына ийе. Қаланың кирер аўзы түслик тәрептиң ортасында жайласқан ҳәм де дәрўаза алды қурамалы лабиринт пайда етиўши буўын сыяқлы қыйсық дийўал менен қоршалған. Қаланың шарбағы пүткиллей ашық болып, тек ҳәр жер-ҳәр жерде дийўалдың түбинде кишигирим жайлар болғаны шамаланады. Қаланың арқа-батыс мүйешинде көп ханалы үлкен жай орналасқан. Оны атанақ тәризде кесип өтиўши еки дәлиз жайды ҳәр бири 10 бөлмеден ибарат болған төрт секторға бөлген. Аяз қала-3 Қушан империясы дәўиринде гарнизон яки ҳүкимдардың резиденциясы ҳәм жергиликли дийханлар ушын пана жер сыпатында пайдаланылған болыўы мүмкин, ал ески Аяз қала-1 де болса онша көп болмаған ләшкерлер орналастырылып, әдеттеги бақлаў посты сыпатында пайдаланылған болыўы итимал. Қорған дийўалларының әтирапында турақ жай қурылыслары, дийханшылық жерлери, дийўаллары ҳәм фермерлердиң жүзим бағлары бар көп сандағы ҳәўлилериниң қалдықлары таўылған.
