ЖАМПЫҚ ҚАЛА
6688
Жампық қала Султан Ўәйис таўының түслик-батыс тәрепинде жайласқан. Ол Әмиўдәряның оң жағасындағы ең сулыў естеликлерден бири есапланады. Жобасы бойынша ол қурамалы конфигурацияға ийе. Оның шығыс тәрепинде туўрымүйешли қорған сақланып қалған. Қорғанның пақса дийўаллары төбеси жупласқан басқышлы аркалар менен тамамланатуғын, бириккен ярым өрелер менен безелген.
Ең дәслепки қурылмалар б.е.ш. IV ә. – б.е. I әсирлерде бой тиклеген, бирақ та бүгин көриўге болатуғын дийўаллар б.е. IХ әсирден – Х әсирлерге шекем салынған. Қалашада таўылған теңгелер бул жерде адамлардың жасаған соңғы ўақты — б.е. ХII–ХIV әсирлер, деп белгилеўге мүмкиншилик береди.
Орта әсирлерде Жампық қала порт қаласы хызметин атқарған. Археологиялық қазыў өткерилгенде, усы жерден буннан алдын Шығыс ҳәм Батыстың (Қытай, Египет, Европа, Индия) ҳәр қыйлы қалаларынан алып келинген көп сандағы затлар таўылған.







