Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ қырық екинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме
884
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ қырық екинши сессиясы болып өтти Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Сессияда Жоқарғы Кеңес Баслығы усы жылдың 30-апрель күни “Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы жойбары бойынша референдум болып өтетуғынлығы, жақында Ҳүрметли Президентимиздиң Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенат ағзалары, Жоқары суд басшылары менен ушырасып, Конституцияға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша халық тәрепинен келип түскен усыныслардың жуўмақлары бойынша мәсләҳәтлескенин атап өтти. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатында, Конституциялық суд мәжилисинде Конституциялық нызам жойбары көрип шығылды. Халқымыз тәрепинен билдирилген барлық усыныслар Конституция жойбарында инабатқа алынған. Соны айрықша атап өтиўимиз керек, жаңаланып атырған Конституцияда Қарақалпақстанның мәмлекетлик дүзилиси ҳәм сиясий системасы менен байланыслы бирде-бир статья өзгермеди. Конституцияның дерлик барлық тексти жаңаланып атырғанлығын инабатқа алып, Қарақалпақстанға тийисли статьялардың тек ғана тәртип номерлери өзгерген. Алдынғы 70-75-статьялар жойбарда тийислисинше 85-90-статьялар сыпатында келтирилмекте. Себеби, Конституцияның статьялары 27 ге көбейип, статьялар саны 155 ти қурамақта. Жоқарғы Кеңес Баслығы жаңаланып атырған Конституцияның халқымыз турмысын жақсылаўдағы әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиник берди. “Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы Нызамға муўапық Референдум өткериўши округлик комиссиясы ағзалығына талабанлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясына усынылыўы белгиленген. Усы мүнәсибет пенен, Сессия мәжилисиниң күн тәртибинде дәслеп Өзбекстан Республикасының референдумын өткериўши округлик комиссиясы ағзалығына талабанларды усыныў туўралы мәселени қарап шығылды. Референдум өткериўши округлик комиссиясы ағзалығына талабанлар қатарында Комиссия баслығы, Комиссия баслығының орынбасары, хаткери, комиссия ағзалары кандидатлары көрип шығылды. Депутатлар тәрепинен талабанлар көрип шығылды ҳәм бул мәселе бойынша арнаўлы қарар қабыл етилди. Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы Қарақалпақстан кеңеси баслығы У.Жалменов комиссия баслығы сыпатында белгиленди. Күн тәртибиндеги кейинги мәселе бойынша ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы бойынша 2022-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң есабаты туўралы мәселе болып, бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри Б.Төребеков баянат жасады. Мәселе толық қарап шығылып депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
2022-жылдың 2-ярымында орынлардағы норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәм де ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң мәлимлемеси туўралы мәселе бойынша Әдиллик министри Сайлаубай Мамбеткадыров баянат жасады. Бул мәселе де толық қарап шығылып, депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў мәселеси ҳаққында болып, усы Президиум қарарларында аймағымыздың социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўына байланыслы әҳмийетли мәселелер орын алған.
Атап айтқанда, 2023-жыл 17-февральдағы «Аўыл хожалығында пайдаланыўдан шығып кеткен жер майданларын қайта пайдаланыўға киргизиў, суў ҳәўизлери ҳәм артезиан қудықлар қазыў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў жойбарларын әмелге асырыў ушын қаржы ажыратыў ҳаққында»ғы 1090-санлы қарары;










Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети