Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ 50-сессиясы ҳаққында мәлимлеме
489
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезексиз елиўинши сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.
Буннан соң әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуроры, 2-сектор басшысы Э.Таджиев баянат жасады.
Айтып өтиў орынлы, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы уйымлары тәрепинен мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға сүрилген «Инсан қәдири ушын» нормалары ҳәм нызам үстемлигин әмелде тәмийинлеў бойынша бир қатар салмақлы жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, 3-сектор басшысы Б.Торебеков баянат жасады.
Республиканың 3-секторына Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Бозатаў ҳәм Кегейли районлары бириктирилген болып, усы жылда 3-сектор аймағындағы 5 районда мийнет базарына кирип келиўши жәми 22 мың 122 пуқара бәнтлиги тәмийинлениўи лазым болған пуқаралар болып, соннан улыўма билим бериў мектебиниң 2 мың 918 питкериўшилери, 9 мың 816 мигрaциядан қайтып келетуғынлар, 9 мың 388 жумыссыз шахсларды қурайды.
Өткен 1-шерек даўамында 3 мыӊ 467 жаңа жумыс орынлары жаратылып, белгиленген реже 136,9 % орынланды.
Халықты исбилерменликке қамтыў, бәнтилигин тәмийинлеў ҳәм кәсипке оқытыў мақсетинде де бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Президентимиздиң басламасы менен «Абат шаңарақ, абат көше, абат маҳәлле» бағдарламасы тийкарында да салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Сондай-ақ, аймақларда жасаўшы аўыр жағдайға түсип қалған шаңаракларды қоллап-куўатлаў бойынша да жумыслар даўам еттирилмекте.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Салық басқармасы баслығы, 4-сектор басшысы Х.Бекчанов баянат жасады.
Айтып өтиў орынлы, Президентимиздиң басламасы менен халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың машқалаларына шешим табыў ҳәмде оларға қолайлы шараятлар жаратыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Республиканың 4-секторына Нөкис қаласы, Хожели, Тақыятас ҳәм Нөкис районлары бириктирилген.
Салық уйымлары тәрепинен «мәҳәлле жетилиги» жумысының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасындағы 452 мәҳәллеге 220 салық хызметкери бириктирилип, жумыслар системалы даўам еттирилип атырғанлығы атап өтилди.
Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе мүрәжатлар менен ислесиў жағдайы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында болып, бул мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы баслығы С.Худайбергенов баянат жасады.
Бүгинги күнге шекем Президент Виртуал ҳәмде Халық қабыллаўханаларына пуқаралардан келип түскен мүрәжатлардың көпшилиги өзиниң унамлы шешимин таўып атыр.
Бунда мүрәжатлардың унамлы шешилиў дәрежесиниң көтерилиўиниң тийкарғы себеплериниң бири Жоқарғы Кеңесте шөлкемлестирилген мүрәжатлар платформасы, Министрлер Кеңесиндеги Арнаўлы штаб жумысы, соның менен бир қатарда, министрликлер ҳәмде сектор басшылары тәрепинен орынларда пуқаралар менен турақлы түрде ушырасыўлар өткерилип атырғанлығы себепли, көпшилик мүрәжатлар өзиниң унамлы шешимин таппақта.
Күн тәртибиндеги мәселе депутатлар тәрепинен толық қарап шығылды ҳәм арнаўлы қарар қабыл етилди.
Күн тәртибинде және бир әҳмийетли болған Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының жаңа қурамын дүзиў туўралы мәселе қарап шығылды.
«Сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 12-статьясына муўапық Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ағзалығына 21 адам қурамында талабанлар усынылды ҳәм депутатлар тәрепинен мақулланды.
Депутатлар тәрепинен бул мәселе бойынша да арнаўлы қарар қабыл етилди.
Сессияның күн тәртибиндеги соңғы мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында болып, депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз елиўинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.










