Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң төртинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме
690
Усы жылдың 29-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң төртинши сессиясы болып өтти. Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты. Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Сессия күн тәртибиндеги дәслепки мәселе «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм де мәмлекетлик уйымлардыӊ ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитети баслығы Ш.Отемисов баянат жасады.
Бул Нызам 5 статьядан ибарат болып, Қарақалпақстан Республикасының 2013-жыл 5-июльдағы «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының 2019-жыл 27-марттағы «Пуқаралар жыйыны баслығын сайлаў ҳаққында»ғы Нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети тәрепинен исленип атырған жумыслар ҳаққында Жоқарғы Кеңестиң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң мәлимлемеси туўралы болып, бул мәселе бойынша комитет баслығы И.Сдиков баянат жасады. Атап өтилгениндей, комитет тәрепинен бүгинги күнге шекем санаат, қурылыс, транспорт ҳәм энергетика тараўын раўажландырыў, қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўды кеңнен ен жайдырыў, «жасыл энергия» үлесин арттырыў бағдарында халықты қыйнап атырған мәселелерди шешиў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылды. Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарарлар, белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў илажлары көрилип, бул жумыслар еле де даўам еттирилмекте. Соның менен бирге, тийисли Президиум қарарлары қабыл етилди. Комитетке ағза депутатлар тәрепинен аймақларда халықты қыйнап киятырған мәселелер бойынша министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлерге депутатлық сораўлар жиберилип, машқалаларға унамлы шешим табыў илажлары көрилди. Буннан соң күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылып, депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жасларды илим-пәнге кызықтырыў ҳәм илимий жумысқа тартыў бойынша билимлендириў мәкемелеринде алып барылып атырған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасарының есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Отемуратов баянат жасады. Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди. Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў мәселеси ҳаққында болып, бул мәселе де толық қарап шығылды. Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди. Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң төртинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.



