Халықаралық хирургиялық топары Аралбойы регионында 300 жәрдемге мүтәж наўқасқа бийпул операциялар өткереди

Усы күнлерде Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен елимиз бойлап «Саўалландырыў айлығы» өткерилмекте.
Оның шеңберинде социаллық қорғаўға мүтәж, кәмбағаллық реестрине киргизилген халық арасында кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм наўқасларды жасаў аймағының өзинде мәмлекет есабынан саўалландырыў илажлары көрилмекте.
Бул акцияда Кувейт мәмлекетиниң «Ал-амал» халықаралық хирургиялық топары да өзиниң гуманитарлық миссиясы менен қатнаспақта. Бул - еки мәмлекет басшылары тәрепинен жолға қойылған ҳәм барған сайын беккемленип атырған өз-ара дослық бирге ислесиў байланысларының әмелий нәтийжеси болып есапланады.
Елимизге келген 40 тан аслам ең тәжирийбели сырт ел қәнигелери Нөкис қаласына жетип келди.
«Ал-амал» халықаралық хирургиялық топары бир ҳәпте даўамында Қарақалпақстан Республикасында болады.
Усы тийкарда Аралбойы регионында жайласқан район ҳәм қалаларда социаллық қорғаў реестрине киргизилген, соның ишинде, жоқары технологиялық хирургиялық әмелият өткериўге мүтәж 300 ге шамалас балалар, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар саламатлығы беккемленеди.
Атап айтқанда, бул жерде медицинаның онлаған бағдары бойынша қайырқомлық түринде орынланатуғын операциялар Республикалық қыстаўлы жәрдем илимий орайы, Республикалық қәнигелестирилген Кардиология, Онкология ҳәм радиология және Көз микрохирургиясы орайларының регионаллық филиаллары, сондай-ақ, Республикалық көп тармақлы ересеклер ҳәм балалар медицина орайларында өткерилиўи белгиленген.
Буның ушын белгиленген мәнзиллердеги медицина мәкемелеринде зәрүр шараятлар жаратылған.