Төрткүл районы ҳәкими тайынланды

Бүгин, 30-апрель күни халық депутатлары Төрткүл районлық Кеңесиниң гезексиз 9-сессиясы болып өтти.
Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Сессияда Төрткүл районы ҳәкими лаўазымына Худайбергенов Илхомбой Тилавбаевичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.
Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.
Сессияда Худайбергенов Илхомбой Тилавбаевич Төрткүл районы ҳәкими етип тайынланды.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек И.Худайбергенов мийнет жолы даўамында Ишки ислер уйымларында, сондай-ақ, Ташкент ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары сыяқлы жуўапкершиликли лаўазымларда жемисли мийнет еткен.
Усыныӊ менен халық депутатлары Төрткүл районлық Кеңесиниң гезексиз 9-сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

