Кувейт мәмлекетиниң сыртқы бийғәрез қаржылары тийкарында бийпул операциялар өткерилмекте

Елимизде ҳүрметли Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы менен халықаралық грантлар ҳәм сыртқы бийғәрез қаржыларды кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Усы күнлерде Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен елимиз бойынша «Саўалландырыў айлығы» шеңберинде социаллық қорғаўға мүтәж, кәмбағаллық реестрине киргизилген пуқаралар арасында кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм наўқасларды жасаў аймағының өзинде саўалландырыў илажлары көрилмекте.

Кувейт мәмлекетиниң сыртқы бийғәрез қаржылары тийкарында Республикалық қәнигелестирилген Кардиология, Көз микрохирургиясы орайларының регионаллық филиалы ҳәм балалар медицина орайларында - Кувейт мәмлекетиниң «Ал-амал» халықаралық хирургиялық топарларының шыпакерлери келип, пуқараларды медициналық тексериўлерден өткерди ҳәм операцияларды әмелге асырмақта.
