Боксшы қызымыз Азия чемпионатында гүмис медальға ийе болды
445

Иордания мәмлекетинде спорттың Бокс түринен жас өспиримлер ҳәм өспиримлер арасында болып өткен Азия чемпионатында боксшымыз Улбосын Жалғасбаева ярым финалда Украина мәмлекетинен қатнасқан қарсыласы үстинен жеңиске ерисип, финалға жоллама алған еди.
Чемпионат беллесиўлеринде мүнәсип қатнасқан боксшымыз финалда рингке көтерилип, жуўмағында гүмис медальға ийе болды.
Чемнионлыққа азғана әўмет жетиспеген болса да, көрсеткен жоқары нәтийжеси менен Улбосын Жалғасбаева Қарақалпақстан бокс тарийхынан мүнәсип орын ийеледи.