Үргенш аэропорты Кореяның Инчон аэрпорты менен шерикликте басқарылады

Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы ҳәм халықтың турмысы менен жақыннан танысыў, жаңа перспективалы режелерди белгилеў мақсетинде 1-май күни Хорезм ўәлаятына келди.
Бул үлке әййемги тарийхы ҳәм мәденияты менен туризм тартымлылығына ийе. Ҳәзирги экономикалық раўажланыў себепли исбилерменлик сапарлары да көбеймекте. Бирақ Үргенш халықаралық аэропорты халық ҳәм мийманлардың талабына толық жуўап бермей атыр. Ол саатына 400 жолаўшыға хызмет көрсете алады. Бул қатнаўларды көбейтиў имканиятын бермей атыр. Соның ушын бул аэропорты модернизциялаў ҳәм басқарыўға бериў нәзерде тутылған.
Сапар ўақтында мәмлекетимиз басшысына бул жойбардың барысы ҳаққында мәлимлеме берилди.
Бул бағдарда 2024-жыл 1-августта жәрияланған ашық тендер еки басқышта өткерилип, онда Франция, Корея, Түркия, Қатар сыяқлы мәмлекетлерден сегиз компания қатнасты. Соңында аймақлараралық тендер комиссиясының қарары менен Корея Республикасының Incheon International Airport Corporation компаниясы жеңимпаз деп табылды.
Президентимиз бул компания ҳәм жойбарлаў басшылары менен сәўбетлести.
Компания президенти Инчон халықаралық аэропорты сыйымы бойынша дүньяда үшинши орында туратуғынын, сервис бойынша жетекшилерден бири екенин айтты. Үргенш компанияның екинши аэропорты болатуғынын атап өтип, оны жаңалаў ҳәм басқарыў режелерин мәлим етти.
Мәмлекетимиз басшысы бундай алдыңғы компания менен шерикликтен қуўанышлы екенлигин атап өтип, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша пикирлерин билдирди.
– Хорезмде көплеген заманагөй мийманханалар, дем алыў ҳәм саўда орайлары қурып атырмыз. Келешекте туристлер ағымын 5 миллионға жеткериўди мақсет еткенбиз. Оны аэропорт пенен үйлестирсек, өз-ара пайдалы болады, дәрамат көбейеди,-деди Шавкат Мирзиёев.
Сырт авиакомпаниялары менен биргеликте самолётлар алып келип, тасыўларды көбейтиў бойынша пикир алысылды. Бул шерикликтен пайдаланып, сервис бойынша Корея тәжирийбесин үйрениў, қәнигелеримизди оқытыў ҳәм тәжирийбесин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жойбардың улыўма баҳасы 223 миллион АҚШ доллары болып, оның шеңберинде жаңа ушыў-қоныў коридоры, жолаўшы ҳәм жүк терминалларын қурыў, «ICAO» талапларына жуўап беретуғын жақтыландырыў-сигнал қурылмаларын орнатыў, арнаўлы техникалар сатып алыў нәзерде тутылған.
Қурылыс-реконструкция жумыслары 2025-2027-жыллар даўамында әмелге асырылады. Булардың нәтийжесинде аэропорт Boeing 747 ҳәм Airbus 350 сыяқлы ири ҳаўа кемелерин қабыллаў имканиятына ийе болады. Аэровокзалдың улыўма майданы 39 мың квадрат метрге жетип, саатына 1 мың 300 жолаўшыға хызмет көрсетиў қуўатлығы жаратылады.
Улыўма, бундай заманагөй инфраструктура арқалы Хорезм аэропорты ең қолайлы бағдарлардан бирине айланады. Хорезмниң сырт ел туристлери ушын тартымлылығын арттырыўға ҳәм мәмлекетимиз авиация тараўын раўажландырыўға үлес қосады.
Болажақ жаңа терминал жойбары да таныстырылды. Президентимиз оның ишки ҳәм сыртқы көринисинде миллий руўхты сәўлелендириў бойынша усыныслар берди.
Бул жерде мәмлекетимиз басшысы журналистлер менен де сөйлести. Хорезмге сапардан мақсет жаңа шеклерди белгилеп, экономика көрсеткишлерин және де арттырыў, ўәлаятты жасап атырған 2 миллионнан аслам халықтың шараятын жақсылаў, жумыс орынларын ашып, адамлардың дәраматын көбейтиў екени атап өтилди.