Ханқа районында мебель қурылысы санаат зонасы иске түсти

Президент Шавкат Мирзиёев Хорезм ўәлаятына сапары шеңберинде Ханқа районында қурылған мебель қурылысы киши санаат зонасын барып көрди.
Мәмлекетимиз басшысының 2021-жыл 21-июньдеги мебель санаатын раўажландырыўға байланыслы қарарына муўапық, потенциалы жоқары районларда усындай санаат зоналары шөлкемлестирилмекте.
Ханқа районында да бурыннан мебель ислейтуғын усталар көп. Ҳәзирги күнде бул бағдарда 140 тан аслам исбилермен, 500 ден аслам шаңарақта киши устаханалар бар. Усы ўақытқа шекем олардың көпшилиги тар жерлерде, қолайсыз шараятларда ислейтуғын еди.


Сол себепли 10 гектар жер ажыратылып, мебель өнимлерин кластер усылында ислеп шығарыў, көргизбе ҳәм саўда обектлерин өз ишине алған киши санаат зонасы қурылды. Бул жерде 10 миллион долларлық 61 кәрхана жумыс басламақта. 650 адам жумыс пенен тәмийинленди.
Кәрханаларда Германия, Италия, Швейцария, Түркия, Қытай сыяқлы мәмлекетлерден келтирилген заманагөй әсбап-үскенелер орнатылған. Жылына 108 миллиард сумлық турақ жай, офис, мийманхана, ресторан, саўда ҳәм социаллық мәкемелер ушын мебельлер ислеп шығарыў қуўатлылығы жаратылған.
Президентимиз устаханалардағы жумыс процесин көзден өткерди. Хорезм ўәлаятында қурылыс көлеми артқаны, көплеген турақ жайлар, мийманханалар, имарат ҳәм объектлер қурылып атырғанынан үнемли пайдаланып, кәрханалар ушын буйыртпалар қәлиплестириў, жаңа түрдеги өнимлерди локализациялаў зәрүрлигин атап өтти.


Мебель қурылысы киши санаат зонасында дизайнер ҳәм технологлар таярлаў бойынша оқыў орайы шөлкемлестирилген. Оған Түркиядан тәжирийбели қәнигелер тартылған.
Олар менен сөйлесиўде мебельлердиң сапасын тәмийинлеў, жаслардың бул бойынша тәжирийбесин арттырыў ҳаққында сөз болды.
Бул жерде ислеп шығарылып атырған өнимлер сыртқы базарларға да қаратылыўы нәзерде тутылған. 3 миллион доллардан аслам экспорт етилиўи мөлшерленген.


Және бир әҳмийетли тәрепи, санаат зонасында энергия нәтийжелилигине итибар қаратылған. Кәрханалардың бәрине қуяш панельлери орнатылған.
Мәмлекетимиз басшысы шоурумда өним үлгилерин көзден өткерди, олардың сапасын ҳәм дизайнын жоқары баҳалады.
Хорезм ўәлаятында мебель ислеп шығарыў менен 300 ден аслам кәрхана шуғылланады. Тараўдағы жеке тәртиптеги исбилерменлер 200 ден аслам, 1 мың 300 ден зыят халық өзин-өзи бәнт еткен.


