Бестөбеге алып барыўшы автомобиль жолына асфальт төселип атыр
467

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасында «Зарбдор» тәжрийбеси тийкарында қәлиплестирилген «Драйвер» жойбарларды әмелге асырыў бағдарламасы қабыл етилген еди. 
Бағдарлама шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен 95В027 (4К40) «А380 автомобил жолы (749 км.ден) - Нөкис қусшылық фабрикасы» автомобиль жолының 4 км бөлегинде асфальт төсеў жумыслары алып барылмақта. 
Атап өтиў орынлы, бул автомобиль жолы Нөкис қаласынан «Бестөбе» МПЖ аймағына алып барыўшы тийкарғы жоллардан бири болып, жолдың қалған бөлимлеринде де белгиленген бағдарламаға тийкар оңлаў жумыслары алып барылады.