Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы ҳәм халықтың турмысы менен жақыннан танысыў, жаңа перспективалы режелерди белгилеў мақсетинде 1-май күни Хорезм ўәлаятына келди.

Бул үлке әййемги тарийхы ҳәм мәденияты менен туризм тартымлылығына ийе. Ҳәзирги экономикалық раўажланыў себепли исбилерменлик сапарлары да көбеймекте. Бирақ Үргенш халықаралық аэропорты халық ҳәм мийманлардың талабына толық жуўап бермей атыр. Ол саатына тек ғана 400 жолаўшыға хызмет көрсете алады. Бул қатнаўларды көбейтиў имканиятын бермей атыр. Соның ушын аэропортты модернизациялаў ҳәм басқарыўға бериў нәзерде тутылған.

Сапар ўақтында мәмлекетимиз басшысына усы жойбардың барысы ҳаққында мәлимлеме берилди.

Бул бағдарда 2024-жылы 1-августта жәрияланған ашық тендер еки басқышта өткерилип, онда Франция, Корея, Түркия, Қатар сыяқлы мәмлекетлерден сегиз компания қатнасты. Жуўмағында уйымлараралық тендер комиссиясының қарары менен Корея Республикасының Incheon International Airport Corporation компаниясы жеңимпаз деп табылды.

Президентимиз усы компания ҳәм жойбар басшылары менен сәўбетлести.

Компания президенти Инчон халықаралық аеропорты сыйымлылығы бойынша дүняда үшинши орында туратуғынын, сервис бойынша жетекшилерден бири екенин айтты. Үргенш компанияның екинши аэропорты болатуғынын атап өтип, оны жаңалаў ҳәм басқарыў режелерин мәлим етти.

Мәмлекетимиз басшысы бундай алдынғы компания менен шерикликтен қуўанышлы екенин атап өтип, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша пикирлерин билдирди.

– Хорезмде көплеген заманагөй мийманханалар, дем алыў ҳәм саўда орайларын қурып атырмыз. Келешекте туристлер ағымын 5 миллионға жеткериўди мақсет еткенбиз. Оны аэропорт пенен үйлестирсек, өз-ара пайдалы болады, дәрамат көбейеди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сырт ел авиакомпаниялары менен биргеликте самолётлар алып келип, тасыўларды көбейтиў бойынша пикир алысылды. Бул шерикликтен пайдаланып, сервис бойынша Корея тәжирийбесин үйрениў, қәнигелеримизди оқытыў ҳәм маманлығын арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жойбардың улыўма баҳасы 223 миллион АҚШ доллары болып, оның шеңберинде жаңа ушыў-қоныў жолы, жолаўшы ҳәм жүк терминалларын қурыў, “ICAO” талапларына жуўап беретуғын жақтыландырыў-сигнал қурылмаларын орнатыў, арнаўлы техникалар сатып алыў нәзерде тутылған.

Қурылыс-реконструкция жумыслары 2025-2027-жыллар даўамында әмелге асырылады. Булардың нәтийжесинде аеропорт Boeing 747 ҳәм Airbus 350 сыяқлы ири ҳаўа кемелерин қабыл етиў имканиятына ийе болады. Аэровокзалдың улыўма майданы 39 мың квадрат метрге жетип, саатына 1 мың 300 жолаўшыға хызмет көрсетиў қуўатлылығы жаратылады.

Улыўма, бундай заманагөй инфраструктура арқалы Үргенш аэропорты ең қолайлы жөнелислерден бирине айланады. Хорезмниң сырт елли туристлер ушын тартымлылығын арттырыўға ҳәм елимиздиң авиация тараўын раўажландырыўға үлес қосады.

Болажақ жаңа терминал жойбары да таныстырылды. Президентимиз оның ишки ҳәм сыртқы келбетинде миллий руўхты сәўлелендириў бойынша усыныслар берди.

Бул жерде мәмлекетимиз басшысы журналистлер менен де сөйлести. Хорезмге сапар етиўден мақсет жаңа шеклерди белгилеп, экономикалық көрсеткишлерди және де арттырыў, ўәлаятта жасап атырған 2 миллионнан аслам халықтың шараятын жақсылаў, жумыс орынларын ашып, адамлардың дәраматын көбейтиў екени атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Ал-Хорезмий қалашасының қурылысын көзден өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы 2022-жылы августта усы қалашаның тырнағын қойған еди. Өткен жыллары инженерлик тармақлары тартылып, 1 мың 773 квартиралы 72 көп қабатлы жай пайдаланыўға тапсырылған. Быйыл мың квартиралы және 28 турақ жайдың қурылысы режелестирилген. Бул жерде жәми 5 мыңнан аслам квартира болады.

Қалаша Үргенш халықаралық аеропорты жанында, 130 гектардан аслам аймақта қурылмақта. Самолёттан түскен мийманлардың көз алдында ең дәслеп мине усы гөззал орын пайда болады. Қалашаның орайында Хорезмий бабамыздың саўлатлы естелиги орнатылады.

Президентимизге бул естеликтиң жойбары таныстырылды.

Естелик қалашада қурылып атырған 20 гектарлық бағдың кириў бөлиминде орнатылады. Оның бийиклиги 22 метр, тырнағы менен бирге 30 метрден аслам болады.

Жуўапкерлерге монументти ҳәм дөретиўшилик, ҳәм мәнилик жақтан жетилистириў, қалашада жасыл тоғайды көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

Күни кеше Президентимиз Ал-Хорезмий университетин ҳәм қәнигелестирилген мектеп шөлкемлестириў бойынша қарарға қол қойды. Бул университетте 3: математика ҳәм информатика, аэрокосмослық технологиялар инженерлиги ҳәм жасалма интеллект факультетлери болады. Оқыў процесслери “Жаңа Өзбекстан” университетиниң тәжирийбеси тийкарында, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қытай, Уллы Британия сыяқлы мәмлекетлердиң абырайлы жоқары билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте шөлкемлестириледи. Қабыллаўды 2025-2026-оқыў жылынан баслаў режелестирилген. Жәми студентлер саны 4-6 мың әтирапында болыўы нәзерде тутылған.

Қалаша аймағында Ташкенттеги Муҳаммед ал-Хорезмий мектебиниң филиалы да шөлкемлестириледи. Оған 4-класс питкериўшилери таңлап алынады. Билимлендириўдиң жуўмақлаўшы 2-жылы инженерликке басланғыш таярлыққа қаратылады.

Сондай-ақ, Ал-Хорезмий қалашасында технопарк ҳәм офислер, медицина ҳәм мәденият орайлары, қыябанлар, мектеп ҳәм бақшалар, спорт комплекслери, саўда ҳәм турмыслық имаратлар болады.

Президент Шавкат Мирзиёев Хорезм ўәлаятына сапары шеңберинде Ханқа районында қурылған мебель қурылысы киши санаат зонасын барып көрди.

Мәмлекетимиз басшысының 2021-жыл 21-июньдеги мебель санаатын раўажландырыўға байланыслы қарарына муўапық, потенциалы бар районларда усындай санаат зоналары шөлкемлестирилмекте.

Ханқа районында да бурыннан мебель соғыўшы усталар көп. Ҳәзирги күнде бул бағдарда 140 тан аслам исбилермен, 500 ден аслам шаңарақта киши устаханалар бар. Усы ўақытқа шекем олардың көпшилиги тар жерлерде, қолайсыз шараятларда ислейтуғын еди.

Сол себепли 10 гектар жер ажыратылып, мебель өнимлерин кластер усылында ислеп шығарыў, көргизбе ҳәм саўда обектлерин өз ишине алған киши санаат зонасы қурылды. Бул жерде 10 миллион долларлық 61 кәрхана жумыс басламақта. 650 адам жумыс пенен тәмийинленди.

Кәрханаларда Германия, Италия, Швейцария, Түркия, Қытай сыяқлы мәмлекетлерден келтирилген заманагөй әсбап-үскенелер орнатылған. Жылына 108 миллиард сумлық турақ жай, офис, мийманхана, ресторан, саўда ҳәм социаллық мәкемелер ушын мебельлер ислеп шығарыў қуўатлылығы жаратылған.

Президентимиз устаханалардағы жумыс процесин көзден өткерди. Хорезм ўәлаятында қурылыс көлеми артқаны, көплеген турақ жайлар, мийманханалар, имарат ҳәм обектлер қурылып атырғанынан нәтийжели пайдаланып, кәрханалар ушын буйыртпалар қәлиплестириў, жаңа түрдеги өнимлерди локализациялаў зәрүрлигин атап өтти.

Мебел қурылысы киши санаат зонасында дизайнер ҳәм технологлар таярлаў бойынша оқыў орайы шөлкемлестирилген. Оған Түркиядан тәжирийбели қәнигелер тартылған.

Олар менен сөйлесиўде мебельлердиң сапасын тәмийинлеў, жаслардың бул бойынша тәжирийбесин арттырыў ҳаққында сөз болды.

Бул жерде ислеп шығарылып атырған өнимлер сыртқы базарларға да қаратылыўы нәзерде тутылған. 3 миллион доллардан аслам экспорт етилиўи мөлшерленген.

Және бир әҳмийетли тәрепи, санаат зонасында энергия нәтийжелилигине итибар қаратылған. Кәрханалардың барлығына қуяш панельлери орнатылған.

Мәмлекетимиз басшысы шоурумда өним үлгилерин көзден өткерди, олардың сапасын ҳәм дизайнын жоқары баҳалады.

Хорезм ўәлаятында мебель ислеп шығарыў менен 300 ден аслам кәрхана шуғылланады. Тараўдағы жеке тәртиптеги исбилерменлер 200 ден аслам, 1 мың 300 ден аслам халық өзин-өзи бәнт еткен.

Президент Шавкат Мирзиёев Ханқа районындағы “Собиржон Юсуф” шаңарақлық фермер хожалығының атызында болды.

Оның басшысы Айымжан Атажанова 73 жаста. Қолы гүл бул ҳаял нәлшилик пенен шуғылланып атырғанына қырқ жылдан асқан. Хожалықтың 3 гектар майданында мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери жетистириледи. Және еки гектарда болса бағшылық етиледи. Буннан тысқары, 12 сотих ыссыханада 40 түрдеги гүл нәллери жетистириледи. Ыссыхана заманагөй суўды үнемлейтуғын технологиялар менен тәмийинленген болып, оның ҳәр бир бөлиминде нәллердиң түри ҳәм өзгешелигинен келип шығып зәрүр микроклимат жаратылған.

Ғайратлы ана шаңарақ ағзаларын да усы жумысқа баслаған. Жылына 50 мың түптен аслам нәл жетистирип, сатылады. Олардың жыллық дәраматы бир миллиард сумнан асады.

Итибарлы тәрепи, бул жерде жетистирилип атырған нәллер қоңсы аймақлар, Қазақстан ҳәм Түркменстанға да жеткерип берилмекте.

Бағ жайласқан Гүлистан мәҳәллесинде 7 мыңнан аслам халық жасайды. Жаслар ҳәм ҳаял-қызларға өрнек болып, оларды жумыс пенен тәмийинлеўде ананың хызметлери үлкен. Ол ҳәзирги ўақытқа шекем 200 ден аслам шәкирт жетистирип, 300 жумыссыз пуқараны нәлшиликке үйреткен. Мәҳәлледеги 70 процент шаңарақ пенен жумысты үйге алып ислеў жолға қойылған.

Пидайы дийқан быйыл райондағы барлық мектеп ҳәм бақшаларға 2 мың қарағай нәлин бийғәрез тарқатып, “Жасыл мәкан” жойбарына, елимиздиң абаданлығына үлес қосты.

Бәнтлик министрлиги ҳәм банк пенен биргеликте хожалықтың тутас аймағында оқыў орайы ашылған. Онда хожалық тәжирийбеси тийкарында үйлердеги нәтийжесиз қыйтақ жерден жыл даўамында дәрамат алыўға үйретилмекте. Нәтийжеде мәҳәллелерде исбилерменлик кеңейип, шаңарақларға қосымша дәрамат кирип келмекте.

Бул хызметлери, мийнет сүйгишлиги ҳәм жас әўладқа үлги болып атырғанын есапқа алып, Президентимиз Айымжан Атажанованы “Өзбекстанда хызмет көрсеткен аўыл хожалығы хызметкери” атағы менен сыйлықлаўға қарар етти.

Халықтың белсендилиги артып, туризм жедел раўажланып атырған Хорезмде транспорт хызметлери де жақсыланбақта. Усы мақсетте “Бунёд йўловчи ташиш” кәрханасы тәрепинен дерлик 8 миллион доллар есабынан 80 заманагөй автобус алып келинбекте. Ҳәзирге шекем соннан 50 и алып келинген.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа сапары ўақтында халыққа жаратылып атырған қолайлықлар менен танысты.

“ЕВРО-5” талапларына жуўап беретуғын бул автобуслардың сыйымлылығы 70 адамлық. АСты төмен болғаны ушын майыплар ҳәм кекселер ушын да қолайлы. Сондай-ақ, Wi-Fi ҳәм бақлаў камералары да бар. Бундай заманагөй жәмийетлик транспорттан жасы үлкен де, жасы киши де бирдей разы.

Алдынғы киши автобуслардың ҳәр бири күнине 200-300 адамды тасыйтуғын болса, жаңа автобуслардың ҳәр бири мың адамға хызмет көрсетпекте. Олардың қатнаў аралығы да еки есеге қысқарып, 5-12 минутқа түсти. Нәтийжеде Үргенш қаласында халықтың жәмийетлик транспорттан пайдаланыў дәрежеси 38 процентке жетти.

Тийкарғысы, бундай шараятлар транспорт жетиспеўшилиги ҳәм көшелерде тығылыстың алдын алып, пуқаралардың еркин ҳәрекетлениўине хызмет етпекте.

Басқа аймақларды да жәмийетлик транспорт пенен жақсы қамтып алыў ушын кәрхана тәрепинен тез арада және 30 автобус алып келиниўи нәзерде тутылған.

Президентимиз жәмийетлик транспортты районлар менен нәтийжели байланыстырып, жөнелислерди қолайластырыў бойынша көрсетпелер берди. Жолларды оңлап, айдаўшылардың маманлығын ҳәм техникалық хызмет сапасын арттырыў автобуслардан пайдаланыў мүддетин созыўда әҳмийетли фактор екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы елимизде ислеп шығарылып атырған вагонлар ҳәм Үргенш – Хийўа электрлестирилген темир жолын көзден өткерди.

Бүгинги күнде 465 километрлик “Бухара – Үргенш – Хийўа” темир жолы электрлестирилип, қорғаў тосықлары орнатылды ҳәм зәрүр имаратлар қурылды. Бул жөнелис ушын Қубла Кореяның “Hyundai Rotem” компаниясынан жоқары тезликтеги 6 электропоезд сатып алынып, келеси жылдан “Жалаладдин Мангуберди” атамасы астында Ташкент – Хийўа жөнелисине қойылады.

Нәтийжеде жылына 3 миллионнан аслам жолаўшыға хызмет көрсетиледи. Ҳәзирги ўақытта Ташкенттен Хийўаға 14 саатта жетип баратуғын поезд усы жөнелисте ҳәрекетке қойылатуғын электропоезд имканиятлары себепли 7 саат 40 минутта жетип барады.

Сондай-ақ, жүк поездларының өткериўшеңлиги дерлик 6 миллион тоннаға жетеди. Ҳәзир бул көрсеткиш 1 миллион тонна.

Президентимиздиң 2023-жыл 10-октябрьдеги темир жол транспорты тараўын түп-тийкарынан реформалаў ҳаққындағы қарары тийкарында вагон қурылысы тармағы да беккемленбекте. Соның ишинде, Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан 50 миллион доллар жолаўшы вагонларын ислеп шығарыў ушын қаратылған. Усы жылдың биринши шерегинде дәслепки 10 жолаўшы вагоны қурып питкерилди.

Мәмлекетимиз басшысы олардағы қолайлықларды көзден өткерди.

Келеси еки жылда жолаўшы вагонларының саны 70 ке көбейтилип, ески түрдегилеринен басқышпа-басқыш ўаз кешиледи. Нәтийжеде жылына бир миллионнан аслам қосымша жолаўшыны тасыў имканияты жаратылады.

Президент усы жаңа поездда жәмийетшилик пенен бирге Үргенштен Хийўаға жол алды. Жол бойындағы орынлардағы абаданластырыў, атыз шетлеринде егилген нәллерди бақлап барды.

Ўәлаятта өткен жылы “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде дерлик 10 миллион түп терек ҳәм пута нәллери егилген. Ири санаат кәрханалары тәрепинен “жасыл белбеў”лер қурылған.

Быйыл ерте бәҳәрде де дийқаншылық көлеми кеңейди. Ўәлаяттағы 1 мың 100 гектардан аслам атыз шетлери ҳәм каналлар әтирапындағы майданларға дәраматлы өнимлер егилди. Оларды кепилликли сатып алыўға исбилерменлер бириктирилген. “Agroko‘makchi” мобил қосымшасы арқалы атыз шетлери ҳаққындағы мағлыўматлар жәмийетшиликке жеткерилмекте.

Хорезм ўәлаятының туризм потенциалын жүзеге шығарыў бойынша исленип атырған жумыслар үлкен нәтийже бермекте. Буны аймаққа сырт елли туристлердиң келиўи жети-сегиз жыл алдынғы дәўирге салыстырғанда 30 есеге көбейгенинде де көриў мүмкин. Тараўдағы өзгерислер есабынан ўәлаяттың туризм хызметлериниң экспорты 2017-жылдағы 7 миллион доллардан өткен жылы 380 миллион долларға жетти.

Сыр емес, алдын аймақ туризми ҳаққында сөз етилгенде көпшилик тек ғана Ишан қаланы көз алдына келтиретуғын еди. Кейинги ўақытлары бул бағдардағы көзқараслар пүткиллей өзгерди. Туристлер ушын қырқтан аслам туристлик бағдарлар ислеп шығылды ҳәм олардың улыўма саны жүзге жетти.

Енди бул жерде және бир бийбаҳа комплекс – “Арда Хийўа” бар. Оның ашылыўы Хорезм ўәлаятына Президент сапарының әҳмийетли ўақыясы болды.

Комплекс ески кент ишинде және бир бийтәкирар қаланы еслетеди. Бул жео өзинде тарийх ҳәм бүгинди үйлестирген архитектуралық шешими менен бийбаҳа жойбар болып есапланады.

“Арда Хийўа” аймақтағы 25 гектарлық төмен өнимдарлы, шорлы майданда қурылды. Оның бир тәрепи 150 гектарлық Ғаўық көлге тутасып кеткени, бул майданларда жасыл аймақлар шөлкемлестирилип атырғаны жойбарды туристлер ушын және де тартымлы көрсетиўге хызмет етеди.

Мәмлекетимиз басшысы комплекс бойлап жүрип, дөретиўшилик жумысларын көзден өткерди. Өнерментшилик, көркем ҳәм әмелий көркем өнер көргизбелерин және базардағы саўда  орынларын тамашалады.

Бул жерде туристлерге хызмет көрсетиў ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, әййемги қала орталығын сәўлелендиретуғын имаратлар, жәми мың орынлық 20 мийманхана қурылды. Ашық-жабық аквапарк ҳәм аттракционлар, үш мың орынлық амфитеатр ҳәм музыкалы фонтан қурылды.

Сондай-ақ, тарийхый көринистеги 11 өнерментлер үйи, шығыс базары, “Гөне Үргенш” музейи мийманлар ушын қызық болады. Еки километрлик каналда қайықта сейил етиў имканияты және бир өзине тән жаңалық.

Бес кинотеатр ҳәм концерт залы, көплеген ресторанлар, зергерлик орайы, саўда дүканлары ҳәм орынлары, суў мото-туризми орны және автомобиль туратуғын орын заманагөй талапларға сәйкес түрде қурылған. Аймақтағы барлық имаратлар ушын бирден-бир суўытыў ҳәм ысытыў системасы қурылған. Электр энергиясын тәмийинлеў ушын қуяш панельлери орнатылған.

Комплекс жылына үш миллион адамды қабыл етиў имканиятына ийе. Бул жерде еки мыңнан аслам адам жумыс пенен тәмийинленеди.

“Ийшан қала” тарийхый болса, “Арда Хийўа” Хорезмниң заманагөй “мирәт қағазы” болады.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде хорезмли жаслар менен қызғын сөйлести.

– Ҳәр қандай резерв, жер асты байлықлары қашанлардур таўсылады. Бирақ бабаларымыз бизге сондай уллы руўхый мийрас, уллы естеликлер қалдырған, олар әсирлер даўамында халыққа хызмет етип келмекте. Биз мине, усы байлықтан елимиздиң мәпи жолында пайдаланыўымыз керек. Әдеўир жумыслар исленди, бирақ еле режелер де көп. Мен бул жолда сиз, жасларға исенемен. Сизлер бийик шыңларды гөзлеп, соған жараса билим алсаңыз, заманагөй кәсиплердиң шебери болсаңыз, жоқары мақсетлеримизге, әлбетте, ерисемиз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Жаслардың оқыўдағы табыслары, арзыў-нийетлери ҳаққында пикир алысылды.

Хийўа қаласында “Арда Хийўа” халықаралық туризм орайының салтанатлы ашылыў мәресими болды. Президент Шавкат Мирзиёев мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде ўәлаяттың уллы өтмиши ҳәм бүгинги туризм потенциалы ҳаққында айтты.

– Хорезм дүнья цивилизациясы ҳәм мәдениятына бийбаҳа үлес қосқан Шығыс гәўҳары болып есапланады. Бул әййемги журт дүньяға даңқы шыққан қаншадан-қанша илимпазлар, сәркарда ҳәм султанлар, әзиз данышпанлар, бийтәкирар шайыр ҳәм жыршылардыӊ ўатаны, – деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Бул жердеги саўлатлы тарийхый естеликлер бийбаҳа байлық екени атап өтилди. Ашық аспан астындағы қала-музей – “Ийшан қала” комплекси улыўмаинсаныйлық ғәзийнеси сыпатында ЮНЕСКО дизимине киргизилген. Ўәлаятта 260 тан аслам мәдений мийрас обекти бар. Олар өзиниң бийбаҳа ҳәм гөззал архитектуралық келбети менен тек ғана Өзбекстанның емес, ал пүткил Орайлық Азияның дүньяныӊ раўажланыўындағы бийтәкирар орнын белгилеп беретуғын жанлы тарийх болып есапланады.

Бүгинги күнде усыған тийкарланып, туризмди раўажландырыўға айрықша стратегиялық бағдар сыпатында итибар қаратылмақта. Тарийхый естеликлер, мәдений мийрас обектлери қәстерлеп-сақланып, глобал туризм тармағына жедел тартылмақта.

Соның менен бирге, өзинде тарийх ҳәм заманагөйликти жәмлеген ири туристлик комплекслер де қурылмақта. “Арда Хийўа” усындай үлкен режелердиң және бир әмелий нәтийжеси болып есапланады. Бул саўлатлы халықаралық туристлик орайда 17 мийманхана ҳәм мийман үйлери, 9 ресторан, ашық ҳәм жабық аквапарклер, 3 мың орынлық амфитеатр, 5 кино ҳәм концерт залы, көргизбелер павильоны, 70 дүкан, 300 саўда орны, 11 өнерментлер үйи, Шығыс базары ҳәм зергерлик орайы, фонтанлар, жағалық бойы жолы бар.

Бундай жумыслардың есабынан ўәлаятқа туристлердиң ағымы қосымша түрде 1 миллионға артады, хызметлер 1,2 триллион сумға көбейеди, кеминде 2 мың жумыс орны жаратылады.

– “Арда Хийўа” Хорезмде туризмниң раўажланыўында жаңа бет ашатуғынына, ўәлаяттың екинши “мирәт қағазы”на айланатуғынына исенемен. Бул бийтәкирар орын Хорезмге, пүткил халқымызға мүбәрек болсын, – деди Президентимиз.

Және бир жаңалық – енди Хийўа районынан 2 мың 400 гектар жер Хийўа қаласына өткерилип, ол жерде “Саҳра жулдызы” туристлик комплекси қурылады. Онда мийманханалар, кеўилашар орайлар, гастрономиялық ҳәм саўда көшелери, музейлер, эко үйлер, жазғы лагерь, экстремал туризм орынлары болады.

Сондай-ақ, Топыраққалада шөл аймағындағы 5 мың гектар жерде сафари ҳәм аң туризми раўажландырылады. Үргенш қаласы, Шават, Қўшкөпир, Хийўа ҳәм Хазарасптан ағып өтетуғын Ғазавот, Палўан, Шават каналларының бойларында 50 миллион долларлық 80 хызмет көрсетиў, саўда-кеўилашар обектлери иске қосылады. Бағат, Гүрлен, Янгибазар ҳәм Үргенш районында туризм аўыллары шөлкемлестириледи.

Мамун академиясы имараты алдындағы 2 гектар бағ “Уллы ойшыллар” атамасындағы ашық аспан астындағы “смарт” музейге айландырылады. Усы тийкарда Хорезм жеринде камалға келген онлаған ата-бабаларымыздың ибратлы өмир жолы, бай дөретиўшилик мийрасы интерактив усылда бир неше шет тиллерде туристлерге усынылады.

Мәмлекетимиз басшысы Әмиўдәряның еки жағасында жайласқан Хорезм ҳәм Қарақалпақстан елин Алла тааланың өзи тәғдирлес етип жаратқанын атап өтти. Сонлықтан Хорезмде туризмди раўажландырыў Қарақалпақстан менен үйлесикли ҳалда, бирден-бир концепция тийкарында әмелге асырылады. Буның ушын “Хорезм – Қарақалпақстан” туризм айланбасы жойбары ислеп шығылады. “Үргенш – Гүрлен – Маңғыт” автомобиль жолы толық реконструкцияланады.

Соңғы жыллары Хийўа қаласына темир жол тартылып, жаңа вокзал қурылды, “Бухара – Үргенш – Хийўа” темир жолы толық электрлестирилди. 2026-жылы бул жөнелис бойлап Жалаладдин Мангуберди аты менен аталатуғын заманагөй тезжүрер поездлар қатнаўы жолға қойылады. Жақын келешекте бул тезжүрер поездлар Нөкиске шекем барады.

Президентимиз мәресимде қатнасып атырған сырт елли мийманларды да қутлықлап, бирге ислесиўши еллерге ҳүрмет ҳәм жақсы тилеклерин билдирди.

– Бүгин дүньядағы қыйын жағдайға қарамастан, Өзбекстан өз жолынан исенимли бармақта. Халқымыз тынышлық ҳәм абаданлық, дослық ҳәм бирге ислесиў, дөретиўшилик руўхы менен жасамақта. Бизиң ҳәр бир мақсет-режемиз, ҳәр бир реформаларымыз адамларымыздың турмысын жақсылаўға, оларды разы етиўге қаратылған ҳәм бул ислеримиз, иншаалла, даўамлы болсын. Сиз, әзизлер менен пидәкерлик пенен мийнет етип, Хорезм ҳәм Қарақалпақстанды дүнядағы ең гөззал ҳәм абат, илим ҳәм инновациялар, мәденият ҳәм көркем өнер және де раўажланған жерге айландыратуғынымызға исенемен, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәресим үлкен концерт тамашасы менен жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ, ӨзА

Икром АВВАЛБОЕВ, ӨзА

Ахмеджан ШОКИРОВ, ӨзА

ӨзАның арнаўлы хабаршылары