Жоқарғы Кеңес Баслығы Бозатаў районындағы мәҳәллелерде пуқаралар турмысын жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысты

Дәслеп, Тоғай хожалығы жер майданлары көзден өткерилди. «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде терек егиў ҳәм жасыл белбаўларды пайда етиўде питомниклердиң орны айрықша екенлиги атап өтилип, нәл таярлаў жумысларын кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди.




Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығы «Қусханатаў» АПЖ аймағындағы 1 контур 1 өним бағдарламасы шеңберинде шаңарақларды камбағаллықтан шығарыў мақсетинде шөлкемлестирген кооперация тәрепинен жолға қойылған картошка ҳәм мәш өнимлерин жетистириў жумыслары менен танысты.
Қыйтақ жерлеринен мол өним алып атырған «Бозатаў» ППЖ аймағы турғынлары Жангелдиев Қалмамбет, Баймуратов Сағындық ҳәм Жуманазаров Жүгинистиң жер майданлары ҳәм ыссыханалары көзден өткерилип, олардың жумыслары көпшиликке үлги болыўы керек екенлиги атап өтилди.






Еркиндәрья каналындағы жарамсыз жағдайға келип қалған пиядалар өтиў ушын арналған көпир бойынша машқаланы сапластырыў ҳәм пуқаралар ушын қәўипсиз көпир қурып бериў, «Зарбдор» тәжирийбеси тийкарында канал бойы хызметин шөлкемлестириў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы район орайында жайласқан Спорт мектебинде жаратылған шараятлар менен танысып, спортшы жаслар менен де ушырасты. Олар менен жақыннан пикирлести. 



Районды көзден өткериў даўамында «Бозатаў» ППЖ аймағындағы жаңадан қурылып атырған 5 қабатлы турақ жай қурылысы, бос турған имаратта жаңадан жумыс баслаған жас исбилерменлер тәрепинен иске қосылған мебель ислеп шығарыў жойбары менен танысты. Базар аймағында халыққа ҳәм сатыўшыларға қолайлы шараят жаратыў бойынша анық тапсырмалар берилди.


