Бозатаў районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери көрип шығылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бозатаў районында республикалық мәкеме-шөлкемлер, район белсендилери қатнасыўында мәжилис өткерди. 
Онда районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы берилген тапсырмалар бойынша ис-иләжлар бағдарламасының орынланыўы мәселелери қарап шығылды.
Атап өтиў орынлы, районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша арнаўлы бағдарлама тийкарында бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген болып, машқалаларды шешиў мақсетинде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен барлық мүмкиншиликлер жаратып берилген, қаржылық дереклери де шешип берилген. Деген менен, айырым орынларда бар болған мүмкиншиликлер толық иске қосылмай атыр.
Соны да айрықша айтыў керек, мәжилисте Бозатаў районын ҳәм арқа районларды тиккелей Қоңырат районы менен байланыстырыўшы понтон көпирин қурыў мәселесин үйренип шығыў, район аймағында автомобиллерге газ толтырыў компрессор шақапшасын тез пурсатта иске түсириў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди. 