Жоқарғы Кеңес Баслығының республикамыздың қубла районларындағы исбилерменлер ушын көшпели қабыллаўы болып өтти

Усы жылдың 4-май күни Беруний районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың Әмиўдәрья, Елликқала, Беруний, Төрткүл районындағы исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслары бойынша көшпели қабыллаўы болып өтти.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бойынша айрықша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлары тийкарында жаратылған имканиятлар кең түрде атап өтилди.
Буннан соң исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланып, орнында шешимин табыў илажлары көрилди.
Қабыллаўда тийкарынан исбилерменликти раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жер орынларын ажыратыў, бюрократиялық тосықлар, ислеп шығарыў, өндиристи кеңейтиў бағдарында мүрәжатлар билдирилди.

Билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

