Жоқарғы Кеңес Баслығы Кегейлиде халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды барып көрди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли районында халықтың абадан турмысын тәмийинлеў, пуқаралардың дәрамат алыўына көмеклесиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.
Дәслеп, Жоқарғы Кенес Баслығы райондағы пиллекешлер тәрепинен пилле тәрбиясы бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысты. 
Буннан соң Абаданластырыў басқармасы майданларында декоратив ҳәм мийўели терек нәллерин жетистириў бойынша жумыслар көрип шығылды. Кемшиликлер атап өтилип, питомниклер жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.
Районда «LANKO MIYA» қоспа кәрханасы тәрепинен жаңадан ири көлемли мебель ушын арнаўлы өнимлер ислеп шығарыў жойбары әмелге асырылып атырған болып, кәрхана жумыслары көзден өткерилди. Жумысларды жеделлестириў бойынша ушырасып атырған машқалалар тыңланып, сол орынның өзинде унамлы шешим табыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Кегейли районы «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында бой тиклеген «Жаңа Өзбекстан» массиви аймағында қурылып атырған көп қабатлы имаратлар қуылысы барысы да көзден өткерилди. Жуўапкерлерге қурылыс жумысларын жеделлестириў, сондай-ақ, сапалы етип ислениўин тәмийинлеў бойынша тапсырма берилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы «Нурлы бостан» МПЖ аймағында исбилерменлик субъектлериниң жумыслары менен де жақыннан танысты. Атап айтқанда, турмыслық хызмет көрсетиў орайы, «Кегейли мебель» ЖШЖниң мебель ислеп шығарыў орны, «Миллий кийимлер» саўда орнының тигиў цехлары көзден өткерилип, исбилерменлер барқулла қоллап-куўатланатуғынлығы атап өтилди. 

«Жылўан жап» МПЖ аймағында үй алды қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып атырған Рима Базарбаеваның ыссыханасындағы жумыслары барып көрилди. Оның азғана жерден мол өним алыўға қаратылған басламасы көпшиликке үлги болыўы керек екенлиги атап өтилип, қосымша ыссыханасын кеңейтиўи ушын 10 млн. сум қаржы ажыратыў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берилди.