Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында Кегейли районын раўажландырыў мәселелери талқыланды

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли районының социаллық-экономикалық раўажланыўы мәселелерине арналған мәжилис өткерди.
Онда дәслеп әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша үйрениўлер нәтийжелери, райондағы инвестициялық жойбарлар, өзин-өзи бәнт еткен пуқаралардың шаңарақларында әмелге асырылып атырған жумыслар атап ɵтилди. 
Сондай-ақ, абаданластырыў жумыслары ҳәм экономикалық көрсеткишлер терең талқыланып, жолларды оңлаў, социаллық объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары бойынша бар болған машқалалар ҳәм оларды шешиў илажлары көрип шығылды.
Республика басшысы тәрепинен атап ɵтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли шөлкем ҳәм жуўапкерлерге анық ўазыйпалар белгилеп алынды. Буннан тысқары, өз ўазыйпасын орынлаўда бир қатар кемшиликлерге жол қойған айырым мәкеме басшыларына интизамий жаза шарасын қоллаў, зәрүр болса лаўазымына ылайықлығы мәселесин үйренип шығыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.