Республика жумысшы топары тәрепинен Нөкис қаласында көшпели қабыллаў өткерилди

Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсан мәплери жоқары қәдирият дәрежесине көтерилген болып, бунда барлық илажлар «Инсан қәдири ушын», ал, ийгиликли әмеллер болса «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстем»-деген принцип тийкарында турмыста өз сәўлелениўин таўып атыр. Бунда пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм сапластырыў, нызамлы мәплерин тәмийинлеў жолында барлық илажлар көрилмекте.
Соны айрықша айтыў керек, усы жылдың 6-10-май күнлери республикалық Жумысшы топар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары ҳәм халықты қыйнап киятырған машқалаларына шешим табыў бойынша орынларда көшпели қабыллаўлар өткерилиўи белгиленген еди. Усы тийкарда Нөкис қаласындағы «Моно орай» имаратында Хожели, Нөкис, Тақыятас районлары ҳәмде Нөкис қаласы пуқараларыныӊ мүрәжатлары көрип шығылды.
Өткерилген қабыллаўда да мине усы бағдарда пуқаралардың тилек-өтинишлери, оларды қыйнап атырған машқалалары тыңланды. 
Онда өзиниң машқалалары менен 450 ге жақын пуқара келген болып, 476 мәселе бойынша мүрәжат етти. Соннан, 146 мүрәжат яғный, улыўма 31 пайызы сол орынның өзинде шешип берилди.
Суд-ҳуқық, салық, автомобиль жоллары, бәнтлик сыяқлы 123 мәселеге тийкарлы түсиниклер берилген болса, мүддет талап ететуғын 207 мүрәжат қадағалаўға алынды ҳәм қысқа мүддетте орынлы шешим табыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

