Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай районында көше бийлери менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пуқаралардың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында еле де шешимин күтип турған мәселелерди анықлаў ҳәм машқалаларға шешим табыў бойынша Шымбай районындағы көше бийлери, нураный-ақсақаллар менен ушырасты.
Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиз басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында атап өтти. 

Сондай-ақ, Президентимиздиң «Республика аймақларын жедел комплексли раўажландырыў ушын таңлап алынған район (қала) ларда әмелий илажларды әмелге асырыў ҳаққында»ғы 132-санлы қарары қабыл етилип, усы тийкарда Шымбай районын 2025-2026-жылларда жедел комплексли раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылыўы тийис жумыслар, белгиленген ўазыйпалар ҳаққында кең түрде түсиник берилди.
Өз нәўбетинде, көше бийлери мәмлекетимизде алып барылып атырған ийгиликли әмеллер, әсиресе, Қарақалпақстанға, соның ишинде, Шымбайға қаратылып атырған итибардан миннетдар екенлигин айрықша тилге алды.
Соның менен бирге, мәҳәллелерди абат етиў, инфраструктуралық машқалаларды шешиў ҳәм халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында еле де ислениўи тийис бир қатар әҳмийетли мәселелерди көтерди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы бул машқалаларға алдағы ўақытта, әлбетте, шешим табылатуғынлығын ҳәм өзи жеке қадағалаўына алатуғынын билдирди.