Шымбай районын абаданластырыў ҳәм социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери кең түрде талқыланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районында республикалық мәкеме-шөлкемлер, район белсендилери қатнасыўында мәжилис өткерди.
Мәжилисте дәслеп, ҳүрметли Президентимиздиң ПҚ-132-санлы қарары менен Шымбай районын 2025-2026-жылларда жедел комплексли раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде әмелге асырыўы тийис ўазыйпалар кең түрде сөз етилди.
Буннан соң районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумыслар, халықтың мүнәсип турмыс шараятын тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы мәселелери көрип шығылды.
Атап өтиў орынлы, районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша арнаўлы бағдарлама тийкарында бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген болып, машқалаларды шешиў мақсетинде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен барлық мүмкиншиликлер жаратып берилген. 
Тилекке қарсы, усыншама имканият берилгенлигине қарамастан, айырым орынларда кемшиликлерге жол қойылмақта. Атап айтқанда, мәҳәллелердеги жумыслардың әмелде орынланыўы, берилген есабатларда қосып жазыўларға жол қойылғанлығы, абаданластырыў, пукаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында илажлардың талап дәрежесинде емеслиги сынға алынды. Жуўапкерлер ескертилип, айырымларына интизамий жаза шарасын қоллаў бойынша тапсырмалар берилди.