Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай районындағы исбилерменлер менен ушырасты
404

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районындағы исбилерменлер менен ушырасыў өткерди.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға айрықша итибары менен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында берилген жеңилликлер, исбилерменликти және де раўажландырыў бойынша жаратылған шараятлар ҳаққында кең түрде атап өтти. 



Өз нәўбетинде бул жеңилликлерден нәтийжели пайдаланып, районда жумыс орынларын жаратыў, жаңа исбилерменлик қуўатлықларын иске түсириў мәселелери талқыланды.
Соның менен бирге, жаңа қуўатлықларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалалар, өз шешимин күтип турған мәселелер тыңланып, шешимин табыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.