Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында Шымбай районында кең қамтыўлы абаданластырыў жумыслары басланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Шымбай районында кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў бойынша районлық мәкеме-шөлкемлер, жуўапкерлер қатнасыўында үлкен ҳәрекет басланды.
Онда жол бойларында ҳәм инфраструктура объектлери әтирапында абаданластырыў жумысларын алып барыў, халқымыздың жер менен ислесиў мәдениятын арттырыў ҳәм ҳәр бир шаңарақтың үй алдындағы қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыўына көмеклесиў бойынша кең түрде атап өтилди.

Әтирап-аймақтың тазалығын сақлаў жумыслары, көшелердиң көринислерин жақсылаў, ең баслысы, «Абатлық кеўилден басланады» деген ийгиликли идея тийкарында кең қамтыўлы абаданластырыў жумыслары ҳәр бир аймаққа, ҳәр бир мәҳәллеге кирип барыўы керек екенлиги айрықша тилге алынып, ўазыйпалар бөлистирилди.
Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай районы дийқан базары аймағында жаңадан қурылып атырған халыққа сапалы базар хызметин усыныў бағдарында барлық қолайлықларға ийе ири көлемли жабық саўда комплекси қурылысы барысы сондай-ақ, районда алып барылып атырған жаңа қурылыс, реконструкция жумыслары менен танысты.

Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде объектте қурылыс жумыслары даўам етпекте. Жәми 30 млрд. сумлық жойбар шеңберинде көп қабатлы саўда орны имараты, автомашиналар турар орны ҳәм басқа да қолайлықлар жаратылады.
Жоқарғы Кеңес Баслығы жуўапкерлерге саўда комплекси қурылысы жумысларын жеделлестириў ҳәм жойбар басламашыларына көмеклесиў бойынша тапсырмаларды берди.