Урыс қатнасыўшыларына ҳәм ветеранлардың ҳалынан хабар алынып, Президент саўғалары тапсырылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Екинши жәҳән урысы қатнасыўшылары Қадирбай Нарманов ҳәм Мария Ивановна сондай-ақ, фронт артында мийнет еткен Рәўшан Самарканова, атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Мийнет Қаҳарманы Қәллибек Камаловтың шаңарағында болып, байрам саўғаларын тапсырды.
Ветеранлар 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы, сондай-ақ, Екинши жәҳән урысында фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 80 жыллығы менен қызғын қутлықланды ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди.
Сондай-ақ, жеңиске үлес қосқан қаҳарманлар, фронт артында хызмет еткен ветеранлар, елимиз раўажланыўы жолында мийнети сиңген нураныйлардың ийгиликли ислери барқулла еске алынып, оларға ҳүрмет көрсетилетуғынлығы атап өтилди. 
Президентимиздиң тапсырмасы тийкарында Екинши жәҳән урысы қатнасыўшыларына 10 мың доллар муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық, ветеранларға да қаржылай сыйлықлар тапсырылды. Сондай-ақ, Президент саўғалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи, Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм бир қатар шөлкемлер атынан баҳалы саўғалар тапсырылды.

Әлбетте, жаўынгерлеримиз ҳәм олар қатарында фронт артында мийнет еткен ветеранлар, халқымыз ийгилиги жолында аянбай хызмет еткен мийнет қаҳарманларының ерлик ислери, үлкен исеним ҳәм сабыр-тақаты бүгинги ҳәм келешек әўлад ушын ибрат үлгиси болып хызмет етеди.

