Тахтакөпирли талант ийеси рәсмий түрде «Гиннес» рекордшысы болды
367

Тахтакөпирли Жансулыў Татлымуратова өзиниң айрықша таланты менен «Гиннес» рекордлары китабына киргизилген еди. Бул бойынша тастыйықлаўшы арнаўлы сертификаты Қарақалпақстанға алып келинди ҳәм тапсырылды.
Мағлыўмат ушын, Жансулыў Татлымуратова еки ярым жасынан баслап спорттың гимнастика түри менен шуғылланып келмекте. Жақында ол қайталанбас ҳәм қыйын болған трюкларды әмелге асырып, «Гиннес рекордлары» китабына киргизилген еди, сондай-ақ, жақында ғана өткерилген «O‘zbekiston Got Talent» талантлар шоусының супер финал басқышында жеңимпазлықты қолға киргизди.