Қәдирли ўатанласлар!

Бүгинги даңқлы сәнени шексиз қуўаныш соның менен бирге терең қайғы-ҳәсирет пенен еслеймиз. Ўатан азатлығы ушын, ҳәзирги тыныш ҳәм татыў күнлер ушын саўаш майданларында аманатын тапсырған ата-бабаларымызды, фронт артында пидайы мийнет еткен ўатанласларымыздың муқәддес естелигин яд етип, ҳүрметимизди билдиремиз.
Сиз әзиз ҳәм даңқлы ветеранларымыздың теңсиз қаҳарманлықларыңыз пүткил инсаният тарийхына мәнгилик өшпейтуғын, уллы, өз алдына бир бет сыпатында жазылғанлығын терең миннетдаршылық пенен атап өтемиз.
Теберик жасқа жетип, бүгин арамызда саў-саламат, дуўалы болып жүрген урыс ҳәм мийнет фронтының барлық жаўынгерлерине және бир мәрте жоқары меҳир ҳәм ҳүрметимизди инәм етип, олардың барлығына шын жүректен рахмет айтамыз.
Турмыстың аўыр ҳәм ашшы сынаўларын мәртлерше жеңип өткен Сиз, әзизлердиң елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, жасларды Ўатанға мухаббат ҳәм садықлық руўхында, жетик инсан етип тәрбиялаўға қосып атырған мүнәсип үлесиңизди халқымыз жақсы биледи.
Сизлердиң уллы қаҳарманлықларыңыз ҳәм пидайы хызметлериңиз ушын бәршемиз бас ийип тәжим етемиз.
Гүллән халқымызды бүгинги байрам менен қутлықлап, беккем ден саўлық, шаңарағыңызға аўызбиршилик, ийгиликли ҳәм машақатлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы