Жоқарғы Кеңес Баслығының исбилерменлер ушын көшпели қабыллаўы өткерилди

Усы жылдың 11-май күни Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың Нөкис қаласы, Тақыятас, Хожели ҳәм Нөкис районларындағы исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслары бойынша көшпели қабыллаўы болып өтти.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бойынша айрықша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлары тийкарында жаратылған имканиятлар бойынша кең түрде атап өтилди. Буннан соң исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланды. 
Қабыллаўда исбилерменлер тәрепинен тийкарынан өз бизнесин раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, бюрократиялық тосықлар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр, қурылыс, жер орынларын ажыратыў бағдарларында мүрәжатлар билдирилди. Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық машқалалар дыққат пенен тыңланды ҳәм билдирилген мүрәжатлардың көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

