Қоңырат районындағы жаңа кәрханалар жумыслары көзден өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районында жаңа жумыс орынларын жаратыў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы «Алмазар» мәҳәллеси аймағында «ULUGBEK KIYET» ЖШЖ тәрепинен иске түсирилген автомобиллерге хызмет көрсетиў орайы жумысы менен танысты. 

Атап өтиў керек, Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген 129-санлы пәрманы тийкарында жаңа хызмет көрсетиў объекти ушын жер майданы туўрыдан-туўры ажыратып берилген. Жойбар иске түсирилиўи нәтийжесинде 15 жаңа жумыс орны жаратылды. 

Жоқарғы Кенес Баслығы Президентимиздиң 129-санлы пәрманы тийкарында жер майданы ажыратылып, жаңадан қурылып атырған «Regal Bereket Team» ЖШЖниң саўда орайы, сондай-ақ, жеңиллетилген кредит қаржылары тийкарында жаңадан иске түсирилиўи белгиленген, қурылысы жуўмақланыў алдында турған мәмлекетлик емес мектеп қурылысы барысы менен танысты. Қурылыс жумысларын сапалы етип питкериў, объектлерди иске түсириўде жақыннан жәрдем бериў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди. 

Буннан соң «Қоңырат» АПЖда «YULDASH ALIXAN» ЖШЖ тәрепинен 60 жаңа жумыс орнын жаратыўға қаратылған, 1,2 млн. доллар қаржы тийкарында жаңадан қурылып атырған дузды қайта ислеў заводы көзден өткерилди. 


Ҳәзирги ўақытта өнимлерин ишки базар ҳәм экспортқа бағдарлап турған ҳәм 70 пуқараның бәнтлиги тәмийинленген «Алмазар» МПЖдағы «TURAN GOLD PROM» ЖШЖниң техникалық дуз ислеп шығарыўшы кәрханасына Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын қабыл етилген 213-санлы пәрманы тийкарында 10 млрд. сум жеңиллетилген кредит ажыратылған. 
«BRICH PRODUCT» ЖШЖ тәрепинен мебель ушын таяр өним ислеп шығарыў жойбарының улыўма баҳасы 1 млн. доллар болып, бүгинги күнде 50 адам жумыс пенен тәмийинленген. Өнимлер тийкарынан экспортқа бағдарланбақта. Кәрхана өз жумысын еле де кеңейтиў мақсетинде бажыхана жеңиллигинен пайдаланып келмекте. 
«Ҳәким ата» МПЖда жасаўшы Қудайбергенов Шухрат тәрепинен жеңиллетилген кредит қаржылары тийкарында иске түсирилген мебель ислеп шығарыў жойбары жумыс баслаўы нәтийжесинде қосымша 6 адамның бәнтлиги тәмийинленген.



Жоқарғы Кеңес Баслығы исбилерменлик субъектлери жумыслары менен танысты. Басламашылар менен жақыннан пикирлести. Олардың жумыслары барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығын атап өтти. Өз нәўбетинде, бизнес ўәкиллери де Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў бойынша берилген жеңилликлер ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылығын билдирди.